‏ Habakkuk 1

1Бул пайғамбаршылық сөз – Хабаққуқ пайғамбарға аян арқалы берилген хабар.

Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге нала шегиўи

2Жаратқан Ийе, қашанға дейин Сени жәрдемге шақыраман,
Маған қулақ саласаң ба, өзи?
«Зорлық-зомбылық!» деп жалбарынып атырман,
Бирақ бизлерди қутқармай атырсаң Сен!
3Не ушын жаўызлықты көзим менен көриўиме жол қойдың?
Сондай наҳақлыққа қалай қарап турыпсаң?
Қаяққа қарасам да талан-таражлық ҳәм зорлық-зомбылық.
Ҳәмме жерде даў ҳәм жәнжеллер толып кетти.
4Сонлықтан нызам өз күшин жойтып, әдиллик аяқ асты болды,
Жаўызлар әдил адамлардан үстин келди,
Солай етип, әдиллик бурмаланды.

Жаратқан Ийениң жуўабы

5«Дыққат пенен қараңлар басқа халықларға,
Таң қаласызлар көргенлериңизге.
Сизлердиң дәўириңизде сондай ислер қыламан,
Еситкен ўақтыңызда, исене алмайсызлар.
6Мине, Мен калдейлерди күшли қыламан,
Бул халық жаўыз ҳәм тынымсыз.
Олар дүньяның төрт тәрепине жүрис қылады,
Басқа халықларға тийисли жерлерди басып алады.
7Олар қорқынышлы ҳәм қәўиплидур,
Өзине хан, өзине бий болған менмен халықдур.
8Олардың атлары қапланнан тез,
Түнде жүретуғын аш қасқырлардан да қәўиплидур.
Атлы әскерлери жерди шаңғытып, узақтан келер,
Олжасына тасланатуғын бүркит яңлы ушып келер.
9Олардың ҳәммеси киятыр тонаў ушын,
Ордалары шөл қуйынындай алға талпынып,
Олар қум жыйнағандай тутқынларды жыйнап келер.
10Патшаларды мазақлап, басшыларды масқара қылады,
Қорғанлы, беккем қалалардың үстинен күледи,
Сол қалалардың дийўалларына қыя етип, топырақ үйип,
Кейин оларды қолға алады.
11Соннан кейин, олар самал сыяқлы тез өтип кетеди,
Бул гүнакар адамлар өз күшин қудай, деп есаплайды».

Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге және нала шегиўи

12Жаратқан Ийе, Мухаддес Қудайым,
Ҳәмме ўақытта бар болған Сен емессең бе?
Солай екен, бизлер жоқ болып кетпеймиз.
О, Жаратқан Ийе, бизлерди жазалаў ушын, калдейлерди таңладың,
О, мениң қорғаўшы Жартасым, жазалаў ҳуқықын соларға бердиң.

13Жаўызлықты көргиси келмейтуғын сондай пәкдур Сениң көзлериң,
Хош көрмейсең Сен наҳақлықты.
Не ушын енди усы жаўыз адамларға шыдап атырсаң?
Жаўызлар өзлерине қарағанда әдилирек болғанларды жутып атырғанда,
Сен қалайынша үнсиз турыпсаң?
14Сен адамзатты теңиздеги балықлардай,
Басшысы жоқ шыбын-ширкейлердей қылдың.
15Калдейлер олардың барлығын өз қармағына түсирер,
Тор таслап балық аўлағандай етип, оларды аўлар.
Аўлары менен тутып алып, жыйнап алар,
Сонда олар қуўанып, шадланар.
16Аўлары арқалы олар көп олжа алады,
Жақсы аўқатлар менен аўқатланады,
Сол себепли, аўлары ушын қурбанлықлар шалады.
Аўларына арнап, түтетки түтетеди.
17Қашанға дейин, олар аўлары менен еллерди аўлап,
Халықларды аяўсыз өлтириўди даўам етеди?
Copyright information for KaaIBT22C