Hebrews 1
Қудай Өз Улы Ийса арқалы сөйледи
1Қудай әййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мәртебе ҳәм ҳәр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди. 2Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. Қудай Өз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди. 3Қудайдың Улы – Қудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Қудайдың тәбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин көрсетеди. Ул Өзиниң қүдиретли сөзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Өзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Қудайдың оң жағына отырды.Ийса периштелерден уллы
4Қудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады. 5Өйткени Қудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң,Бүгин Мен Саған Әке болдым». ▼
Және де: «Мен Оған Әке боламан,
Ол Маған Ул болады», ▼ –
деген еди? 6Және де, Қудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған сыйынсын». ▼
7Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай Өз периштелерин самалдай,
Хызметшилерин оттың жалынындай қылады». ▼
8Бирақ, Қудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай, тахтың мәңги-бақый турар,
Сениң патшалық ҳасаң – әдалат ҳасасыдур.
9Сен әдилликти сүйип, нызамсызлықты жек көрдиң.
Соның ушын, Қудай, Сениң Қудайың,
Досларыңнан гөре көбирек Сени,
Қуўаныш майы менен майлады». ▼
10Және де, былай дейди: «О Ийемиз,
Әўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң.
Көклер Сениң қолларыңның дөретпеси.
11Олар жоқ болады, ал Сен даўам етесең.
Олардың ҳәммеси де кийимдей тозып қалады.
12Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң,
Олар кийим сыяқлы өзгертиледи.
Бирақ Сен өзгермейсең,
Ҳеш таўысылмайды Сениң жылларың». ▼
▼ Заб 101:26-28.
13Қудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр», ▼ –
демеген. 14Ақыры периштелердиң ҳәммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар.
Copyright information for
KaaIBT22C