Hebrews 10
1Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нәрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал көлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳәр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Қудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пәклей алмайды. 2Егер толық пәклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Өйткени сыйыныўшылар бир мәртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди. 3Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди. 4Себеби буғалар менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды. 5Сол себептен Масийх дүньяға келип, Қудайға былай деген еди: «Сен қурбанлық ҳәм садақаларды қәлемедиң,Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6Жандырылатуғын ҳәм гүна қурбанлықларын,
Сен хош көрмедиң.
7Сонда Мен былай дедим:
„Мине, мен келдим,
Орама китапта мен ҳаққында жазылған.
Сениң еркиңди орынлаўдан рәҳәтленемен, Қудайым“». ▼
8Төмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масийх алдын: «Қурбанлықларды, садақаларды, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қәлемедиң ҳәм оларды хош көрмедиң», – деген еди. 9Соңынан Масийх: «Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти. 10Қудайдың усы қәлеўи бойынша, Ийса Масийх Өз денесин биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық. 11Ҳәр бир руўханий ҳәр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды. 12Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масийх гүналар ушын мәңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Қудайдың оң тәрепине отырды. 13Ол сол ўақытлардан бери, Өз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте. 14Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мәңгиликке минсиз қылды. 15Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Әўели Ол былай деген: 16«Сол күнлерден кейин, олар менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман». ▼ 17Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳәм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман». ▼ 18Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.
Исенимде беккем турып, сабырлы болыңлар!
19Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бөлмеге кириўге бизлерде батыллық бар. 20Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Өз денеси арқалы сол Ең мухаддес бөлмеге кириўге жаңа ҳәм тири жол ашып берди. 21Усы Ийса – Қудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз. 22Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳәм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Қудайға жақынлайық. 23Өзлеримиз тән алған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўәде берген Қудай садық. 24Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳәм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. 25Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық. 26Өйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ. 27Тек ҳүкимди ҳәм Қудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады. 28Муўсаның Нызамын тән алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде өлтирилетуғын еди. 29Енди бир ойланып көриңлер, Қудайдың Улын аяқ асты етип, өзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қәдирсиз көрген ҳәм Қудайдың мийримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма? 30Себеби бизлер «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен» ▼ ҳәм және де «Жаратқан Ийе Өз халқын ҳүким етеди», ▼ – деген Қудайды билемиз. 31Тири Қудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы! 32Ал сизлер өзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дәслепки күнлериңизди еске түсириңлер. 33Гейбир ўақытлары өзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жәбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳәсиретин бөлисетуғын едиңлер. 34Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дәртлерине шерик болдыңлар. Өзлериңизди еле де жақсырақ ҳәм мәңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер. 35Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Өйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен. 36Қудайдың қәлеўин орынлап, ўәде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады. 37Себеби Қудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин,Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди.
38Маған тийисли ҳақ адам исеними менен жасайды,
Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды». ▼
39Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.
Copyright information for
KaaIBT22C