‏ Hebrews 11

Исеним ҳаққында

1Исеним – бул үмит етилген нәрселердиң әмелге асатуғынына ҳәм көринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў. 2Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Қудай тәрепинен хошаметленди. 3Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Қудайдың сөзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, көринбейтуғын нәрселерден көринетуғын нәрселер пайда болған. 4Исеними себепли, Абыл Қудайға Каиннан гөре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ҳақ адам деп саналып, Қудай тәрепинен хошаметленди. Өйткени Қудай оның берген садақаларын қабыл етти . Абыл өлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте.

5Исеними себепли, Энох өлим көрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Қудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Қудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди . 6Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.

7Исеними себепли, Нух еле болмаған нәрселер туўралы Қудай тәрепинен ескертилгенде, Қудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты . Бул арқалы дүнья ҳүким етилди ҳәм Нух исеними себепли ақланыўға еристи.

8Ибрайым мүлик етип берилетуғын елге кетиў ушын шақырылғанда, исеними себепли Қудайдың сөзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты . 9Ибрайым ўәде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Өзи менен бирдей ўәдеге шерик болған Ысақ ҳәм Яқып пенен, ол шатырларда өмир кеширди. 10Себеби ол дөретиўшиси де, қурыўшысы да Қудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди.

11Исеними себепли, Сараның нәсилсиз болыўына ҳәм өзиниң жасы өткенине қарамай, Ибрайым әке болыў мүмкиншилигине еристи . Өйткени ол ўәде еткен Қудайдың садық екенине исенди. 12Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нәсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әўладлар пайда болды.

13Алдын айтылған бул адамлардың ҳәммеси де өмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўәде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан көрип қуўанды. Олар өзлериниң жер жүзинде жат ҳәм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады. 14Усылай сөйлеген адамлар өз ўатанын излеп жүргенин көрсетеди. 15Егер олар өзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди. 16Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды әрман ететуғын еди. Сол себептен Қудай олардың Қудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты.

17 18Ибрайым сыналғанда , исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Қудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген ўәдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды. 19Өйткени Ибрайым Қудай өлилерди де тирилте алады, деп ойлады. Астарлап айтқанда, ол Ысақты өлимнен қайтарып алды. 20Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нәрселерди болжап, уллары Яқып ҳәм Эсаўға пәтиясын берди . 21Яқып өлеринен алдын исеними себепли, Юсуптиң еки улына бирме-бир пәтиясын берди ҳәм ҳасасының ушына сүйенип, Қудайға сыйынды . 22Юсуп өлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳәм оларға кетеринде өзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды .

23Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың сулыў екенин көрди ҳәм патшаның пәрманынан қорқпады . 24Муўса ержеткенде, исеними себепли, фараонның
Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған.
қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти .
25Ол ўақытша гүнакар өмирдиң кәйип-сапасын сүриўдиң орнына, Қудайдың халқы менен бирге жәбир шегиўди таңлады. 26Масийх себепли хорланыўды Мысырдың ғәзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Өйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди. 27Исеними себепли, ол патшаның қәҳәринен қорқпай, Мысырды таслап кетти . Көринбейтуғын Қудайды көргендей, ол мәрт еди. 28Набыт қылыўшы израиллылардың туңғышларына қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Қутқарылыў байрамын өткериўди ҳәм қанды себиўди буйырды .

29Исеними себепли, израиллылар Қызыл теңизди қурғақ жерден өткендей кесип өтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳәрекет еткенде, суўға батып кетти .

30Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының әтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады .

31Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Рахаб та Қудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге өлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлилик пенен қабыл алған еди .

32Және не айтайын? Гидеон, Барақ, Самсон, Ифтах, Даўыт, Самуел ҳәм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди. 33Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, әдиллик орнатты, ўәде етилген нәрселерди алды ҳәм арысланлардың аўызларын тосып қойды. 34Лаўлаған отты сөндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳәлсирегенде Қудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳәм жаў әскерлерин қыйратты. 35Исеними себепли, ҳаяллар өз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳәм азапланып өлтирилди. 36Және гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳәтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды. 37Тас боран қылынды, пышқы менен кесилип екиге бөлинди, қылыштан өткерилип өлтирилди. Қой ҳәм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳәм хорлық көрди. 38Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шөллерди, таўларды, үңгирлерди ҳәм төлелерди гезип себил болды.

39Олардың ҳәммеси де исеними себепли Қудай тәрепинен хошаметленген болса да, ўәде етилгенди алмады. 40Өйткени олар бизлер менен бирге минсизликке ерисиўи ушын, Қудай бизлерге буннан да жақсырақ нәрсени таярлап қойыпты.
Copyright information for KaaIBT22C