‏ Hebrews 13

Соңғы ақыл-нәсиятлар

1Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер. 2Миймандослықты умытпаңлар. Өйткени айырымлар усылай ислеп, өзлери билмей, периштелерди қонақ қылған. 3Қамақта болғанларды өзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Және де, азап шегип атырғанларды да өзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар. 4Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди. 5Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Өзлериңизде барға қанаат етиңлер. Өйткени Қудай былай деген:

«Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, ҳеш қашан қалдырмайман».

6Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийе маған жәрдем береди, мен қорқпайман,
Не қыла алады адамлар маған?»
Заб 117:6.

7Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар. 8Ийса Масийх кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей. 9Ҳәр түрли жат тәлиматларға берилип, азғырылмаңлар. Жүректиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди.

10Бизлердиң қурбанлық орнымыз бар. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын руўханийлердиң сол қурбанлықтан жеўге ҳақысы жоқ. 11Бас руўханий гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бөлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси орданың сыртында өртеп жибериледи . 12Сол сыяқлы Ийса да Өз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дәрўазасының сыртында азап шекти. 13Олай болса, бизлер де Оның көрген хорлығын бөлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық. 14Себеби бул жерде бизлердиң мәңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы әрман етемиз.

15Сонлықтан Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин. 16Жақсылық ислеўди ҳәм өзлериңизде болған нәрсени басқалар менен бөлисиўди умытпаңлар. Өйткени бундай қурбанлықлар Қудайға унайды.

17Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳәм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер.

18Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер өзлеримиздиң пәк ҳүжданға ийе екенимизге ҳәм ҳәр тәреплеме ҳадал өмир сүриўди қәлейтуғынымызға исенемиз. 19Әсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди өтиниш етемен.

Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер

20Өз қанын төгип, мәңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Қудай өлимнен тирилтти. 21Усы Қудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳәр бир жақсы нәрсени жеткизсин. Өзине унайтуғын нәрсени Ол Ийса Масийх арқалы бизлерде әмелге асырсын. Масийхқа мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.

22Туўысқанларым, сизлерге өтиниш етемен, усы нәсият сөзлеримди қабыл етиңлер. Өйткени мен сизлерге қысқаша жаздым. 23Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирге сизлерди көриўге бараман. 24Жетекшилериңиздиң ҳәммесине ҳәм пүткил мухаддеслерге сәлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сәлем айтып атыр. 25Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!
Copyright information for KaaIBT22C