‏ Hebrews 2

Дыққат-итибарлы болайық!

1Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек. 2Себеби периштелер арқалы айтылған сөз күшке ийе болып, ҳәр қандай жынаят ҳәм бойсынбаўшылық ушын әдил жаза берилетуғын еди. 3Солай екен, дәслеп Ийемиз тәрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тәрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз? 4Қудай да бул ҳаққында кәраматлы белгилер, таң қаларлық нәрселер ҳәм ҳәр түрли кәраматлы ислер арқалы, және де, Өз қәлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.

Қутқарылыўға жетелеўши Ийса

5Қудай бизлер сөз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ. 6Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «Сен адам туўралы ойлағандай, ол ким болыпты?
Сен адамзатқа ғамхорлық қылғандай, ол ким болыпты?
7Сен Оны периштелерден аз ўақытқа
Аз ўақытқа – ямаса «сәл-пәл».
төменирек қойдың,
Иззет-ҳүрмет тажын оған кийгиздиң.
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Қолың менен дөреткенлериңниң үстинен оны ҳүкимдар қылдың».

8Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың».

Қудай ҳәмме нәрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нәрсе қалдырмады. Деген менен, ҳәмме нәрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин көрмей атырмыз.
9Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа төменирек қойылған Ийсаның өлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин көрип турмыз. Аўа, Ол Қудайдың мийрими менен ҳәмме адамлар ушын өлимди басынан кеширген еди. 10Ҳәмме нәрсе Қудай ушын ҳәм Қудай арқалы бар болған. Усы Қудай көп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул көрди. 11Өйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳәм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳәммеси бир Әкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды. 12Ийса Қудайға былай дейди: «Туўысқанларыма Сениң атыңды жәриялайман,
Жәмийет алдында Саған алғыс-мақтаў айтаман».
Заб 21:23.

13Және басқа жерде былай делинген: «Мен Қудайға сүйенемен»

тағы да: «Минекей, Мен Қудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен».

14Бул балалар ет ҳәм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Өзи де оларға теңлесип, ет ҳәм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол өлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Өз өлими арқалы набыт қылыў ушын 15ҳәм өмир бойы өлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳәммесин азат қылыў ушын иследи. 16Себеби, әлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жәрдем етеди. 17Сол себептен Қудайдың хызметинде мийрим-шәпәәтли ҳәм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳәр тәреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди. 18Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады.
Copyright information for KaaIBT22C