Hebrews 3
Ийса Муўсадан уллы
1Солай етип, бизлер менен бирге Қудай тәрепинен шақырылған, мухаддес туўысқанларым, Қудайдың елшиси ҳәм бас руўханийи, деп өзлеримиз ашық тән алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар! 2Муўса Қудайдың пүткил шаңарағында Қудайға садық болғанындай, Ийса да Өзин хызметке қойған Қудайға садық болды. 3Үйди салған салынған үйден гөре көбирек ҳүрметке ылайықлы болғаны сыяқлы, Ийса да Муўсадан гөре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды. 4Ҳәр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Қудай пүткил барлықтың жаратыўшысы. 5Муўса келешекте айтылатуғын сөзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Қудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды. 6Бирақ, Масийх Қудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер өзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳәм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.Қудайдың тынышлық беретуғын мәканы
7Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,8Шөлдеги сынақ ўақтында қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай,
Тас қылмаңлар жүреклериңизди.
9Олар сол жерде қырық жыл бойы ислеген ислеримди көрген болса да,
Мени сынай берди.
10Сонлықтан Мен сол әўладқа ғәзепленип былай дедим:
„Олардың жүреклери бәрқулла азғырылған,
Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11Және де, Мен қәҳәрленгенимде:
„Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим». ▼
12Ҳәй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Қудайдан безип кетиўден сақ болыңлар! 13Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳәр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар. 14Өйткени егер бизлер дәслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масийхқа тийисли болған ҳәмме нәрсеге шерик боламыз. 15Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,
Қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай,
Тас қылмаңлар жүреклериңизди». ▼
16Қудайдың сөзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң көтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси емес пе еди? 17Қудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шөлде қалғанларға емес пе? 18Қудай кимлерге: «Мениң тынышлық беретуғын мәканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Өзине бойсынбағанларға емес пе? 19Солай етип, көрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.
Copyright information for
KaaIBT22C