Hebrews 4
1Сонлықтан Қудайдың тынышлық беретуғын мәканға киргизиўи ҳаққындағы ўәдеси еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳәр бириңиз усы ўәдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар. 2Себеби бизлерге жәрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сөзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сөзлердиң оларға пайдасы тиймеди. 3Қудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, тынышлық беретуғын мәканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қәҳәрленгенимде:„Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим». ▼
Бирақ, исенетуғын бизлер сол мәканға киремиз. 4Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ▼
▼ Жетинши күн – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлердиң Шаббат күни.
ҳаққында былай делинген: «Қудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды». ▼5Және де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай былай деген: «Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди». ▼
6Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сөзге қулақ аспағанлықтан, тынышлық беретуғын мәканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар. 7Сол себептен Қудай «бүгин» деп аталатуғын және бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, көп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,
Тас қылмаңлар жүреклериңизди». ▼
8Егер Ешуа израиллыларды тынышлық беретуғын мәканға еристиргенде ▼, Қудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди. 9Демек, Қудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди. 10Қудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, тынышлық мәканына кирген ҳәр бир адам да өз ислеринен солай дем алады. 11Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, тынышлық мәканына кириўге тырысайық. 12Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди. Ол жүректеги ой ҳәм нийетлерди әшкара қылады. 13Жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳәр бир нәрсе ашық ҳәм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз.
Бас руўханийимиз Ийса
14Бирақ, бизлерде аспанға көтерилген уллы бас руўханийимиз – Қудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан өзлеримиз ашық тән алған исенимимизди беккем сақлайық. 15Ол – бизлердиң ҳәлсизликлеримизди бөлисе алатуғын бас руўханий. Оның Өзи ҳәр тәреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди. 16Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳәм керек ўақтында өзлеримизге жәрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Қудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.
Copyright information for
KaaIBT22C