Hebrews 5
1Ҳәр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳәм ол Қудайға байланыслы ислерде адамлардың ўәкили болып, олардың гүналары ушын Қудайға садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. 2Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүләйимлилик пенен қатнас жасай алады. Өйткени оның өзиниң де ҳәлсиз жерлери бар. 3Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал өзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шәрт. 4Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мәртебесине өзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Қудай тәрепинен шақырылса ғана ерисе алады ▼. 5Сол сыяқлы, Масийх та бас руўханийлик мәртебесине ийе болыў ушын, Өзин Өзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң,Бүгин Мен Саған Әке болдым», ▼ –
деген Қудайдың Өзи Оны усы мәртебеге еристирди. 6Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай Оған былай деген: «Сен Мелкиседек ▼ сыяқлы,
Мәңгиге руўханийсең». ▼
7Масийх жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Өзин өлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Қудайға бәлент даўыс пенен пәрияд етип, көз жасларын төгип ҳәм дуўа етип жалбарынды ▼. Ол Қудайға бойсынғанлықтан, Қудай Оны еситти. 8Ол Қудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди. 9Масийх усы тәризде минсизликке ерисип, Өзине бойсынатуғынлардың ҳәммеси ушын мәңгилик қутқарылыўға жол ашты 10ҳәм Ол Қудай тәрепинен Мелкиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.
Исенимнен қайтпаў ҳаққында ескертиў
11Мелкиседек ҳаққында айтажақ көп сөзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады. 12Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Қудайдың сөзлериниң дәслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтәжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек! 13Сүт пенен азықланатуғын ҳәр бир адам гөдек, яғный ҳақыйқатлық сөзи бойынша жасаўда тәжирийбесиз адам болғаны. 14Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный өмирдеги тәжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.
Copyright information for
KaaIBT22C