Hebrews 6
1Сонлықтан Масийх ҳаққында басланғыш тәлиматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетилисип барайық. Өлимге жетелеўши ислер ушын тәўбе етиўден, Қудайға исениўден, 2суўға шомылдырыў ҳаққындағы қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, өлилердиң тирилиўинен ҳәм мәңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тәлиматтың тийкарларын қайтадан салмайық. 3Егер Қудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетилисип барамыз. 4Бир мәртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Қудайдың сыйының дәмин татқан ҳәм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды, 5Қудайдың сөзиниң жақсы екенин ҳәм келешектиң қүдиретли ислерин өмирлеринде көрип болып, 6исенимнен қайтқанларды дүзетип тәўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Қудайдың Улын өзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады. 7Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳәм өзинде ислегенлерге пайдалы зүрәәт берген жерди Қудай жарылқайды. 8Бирақ шеңгел менен жантақ өскен жер жарамсыз болып, көп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳәм ақыры жандырылып жибериледи. 9Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де көбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кәмил. 10Өйткени Қудай әдалатсыз емес. Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳәм мухаддеслерге ▼▼ Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
қылған ҳәм қылып атырған хызметиңиз арқалы Өзине көрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды. 11Ҳәр бириңиз үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды әрман етемиз. 12Және де ериншек болмай, Қудай тәрепинен ўәде етилгенлерди исеним ҳәм сабырлылық пенен алғанлардан өрнек алыўыңызды қәлеймиз. Қудайдың өзгермейтуғын ўәдеси
13Қудай Ибрайымға ўәде бергенде, Өзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Өзиниң аты менен ант ишип, 14былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды сансыз қылып көбейтемен». ▼ 15Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўәде етилгенди алды. 16Адамлар өзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сөзлерди тастыйықлап, ҳәр бир тартысты тоқтатады. 17Сол сыяқлы, Қудай да Өз еркиниң өзгермейтуғынын ўәдени мийрас етип алғанларға ашық көрсетпекши болып, ўәдесин ант пенен тастыйықлады. 18Солай етип, усы еки нәрсе, яғный ўәде ҳәм ант өзгермейди. Себеби Қудай оларды айтқанда өтирик сөйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан өзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Қудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз. 19Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң көшкиси сыяқлы исенимли ҳәм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тәрепине өткизеди. 20Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелкиседек сыяқлы мәңгиге бас руўханий болды.
Copyright information for
KaaIBT22C