‏ Hebrews 7

Руўханий Мелкиседек

1Бул Мелкиседек Салим
Салим – Ерусалимниң ески аты.
патшасы ҳәм Қудай Тааланың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пәтиясын берген еди.
2Ал Ибрайым оған ҳәмме нәрсениң оннан бирин берген еди . Оның еки аты бар, бириншиси Мелкиседек болып, бул аттың мәниси «әдиллик патшасы», ал екиншиси Салим патшасы болып, бул аттың мәниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады. 3Оның әкеси, анасы ҳәм шежиреси белгисиз. Өмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Қудайдың Улына уқсайды ҳәм мәңгиге руўханий болып қалады.

4Қараңлар, ол қаншелли уллы! Ҳәтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди. 5Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша өз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳәммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди. 6Мелкиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Қудайдың ўәдесине ийе болған оған пәтиясын берген еди. 7Пәтия берген адам пәтия алған адамнан уллы екени сөзсиз. 8Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында өлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелкиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар. 9Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң өзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады. 10Өйткени Мелкиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.

11Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон әўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелкиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳәжет бар ма еди? 12Себеби руўханийлик хызмети өзгертилсе, Мухаддес Нызам да өзгертилиўи тийис. 13Алдын сөз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық орында хызмет етпеген. 14Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған еди.

Ийса Мелкиседек сыяқлы руўханий

15Мелкиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанда бул сөзлеримиз еле де анығырақ болады. 16Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўысылмайтуғын өмир қүдирети менен руўханий болды. 17Өйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелкиседек сыяқлы,
Мәңгиге руўханий болып қаласаң!»,

деген гүўалық бар.
18Руўханийлик ҳаққында әўелги қағыйдалар ҳәлсиз ҳәм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди. 19Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нәрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Қудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.

20Ийса Қудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Қудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ. 21Ийса Өзине: «Жаратқан Ийе ант ишти, Өз қарарынан қайтпайды:
„Мәңгиге руўханий болып қаласаң!“»,

деген Қудайдың анты бойынша руўханий болды.
22Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң кепили болды.

23Және бир айырмашылығы мынадай: лебийли руўханийлердиң саны көп еди. Өйткени өлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди. 24Бирақ Ийса мәңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мәңги. 25Сонлықтан Ол Өзи арқалы Қудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды.

26Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Өзи болады. Өйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пәк, гүнакарлардан ажыратылған ҳәм аспаннан да жоқары көтерилип, уллы абырайға ийе болған. 27Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳәр күни әўели Өз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳәжети жоқ. Себеби Ол Өзин қурбан етип, бул исти бир мәртебе ҳәм биротала орынлады. 28Муўсаның Нызамы бойынша минсиз емес болған адамлар бас руўханий қылып қойылды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Қудайдың ант етип берген ўәдеси Оның мәңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.
Copyright information for KaaIBT22C