‏ Hebrews 8

Ийса – жаңа келисимниң бас руўханийи

1Айтқанларымыздың баслы мәниси мынадан ибарат: аспанда қүдиретли Қудайдың оң жағында отырған бизлердиң бас руўханийимиз Ийса бар. 2Ол сол жерде адам тәрепинен емес, ал Жаратқан Ийе тәрепинен қурылған ҳақыйқый ҳәм Мухаддес шатырда хызмет қылады. 3Ҳәр бир бас руўханий садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нәрсеси болыўы тийис еди. 4Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Өйткени әлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар. 5Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый Мухаддес шатырдың үлгиси ҳәм көлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Қудай тәрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайлы бол, ҳәр бир нәрсени саған таўда көрсетилген үлгилер бойынша исле». 6Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўәделерге тийкарланып дүзилген, Қудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тәўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды.

7Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди. 8Ал, халқын айыплы деп тапқан Қудайдың сөзлери мынадай:

«Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен.
9Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда олар менен дүзген келисимдей болмайды. Өйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым. 10Сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады. 11Ҳеш ким өз достына ямаса өз туўысқанына „Жаратқан Ийени танып бил“, – деп үйретпейтуғын болады. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин ҳәммеси Мени таныйтуғын болады. 12Мен олардың қылмысларын реҳимлилик пенен кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман».

13Қудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гөнергенин көрсетти. Гөнерген нәрсе көп өтпей жоқ болады.
Copyright information for KaaIBT22C