Hebrews 9
Биринши келисим дәўириндеги диний хызмет
1Биринши келисим дәўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳәм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди. 2Қурылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бөлме» деп аталатуғын биринши бөлмеде шыра қойғыш, стол ҳәм столдың үстинде усынылған нанлар болатуғын еди. 3Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бөлме» деп аталатуғын екинши, ишки бөлме бар еди. 4Бул бөлмеде алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна ▼▼ Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық.
салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди. 5Сандықтың үстинде салтанатлы керублардың ▼▼ Керуб – қанатлы руўхый барлық.
мүсинлери бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүнадан пәклеў орнын қанатлары менен жаўып туратуғын еди ▼. Бирақ, ҳәзир бул нәрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз. 6Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бөлмесине руўханийлер ҳәр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди. 7Ал екинши, ишки бөлмеге болса, бир жылда бир мәртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол өзи менен бирге сол жерге өзиниң гүналарының ҳәм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди. 8Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бөлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бөлмеге баратуғын жол жабық болады. 9Бул ҳәзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳәм қурбанлықлардың Қудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пәклей алмайтуғынын көрсетеди. 10Булар тек жеўге, ишиўге ҳәм ҳәр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нәрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана. 11Бирақ Масийх пайда болған жақсы нәрселердиң ▼▼ пайда болған жақсы нәрселердиң – Базы қолжазбаларда: «келешектеги жақсы нәрселердиң».
бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳәм минсиз Мухаддес шатырға кирди. 12Масийх теке ҳәм таналардың қаны менен емес, ал Өз қаны менен Ең мухаддес бөлмеге биринши ҳәм соңғы мәртебе кирип, бизлерге мәңгилик қутқарылыў алып келди. 13Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пәк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен буғалардың қаны ▼ ҳәм қашарлардың күли ▼ себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди. 14Ал енди болса, мәңгилик Мухаддес Руўх арқалы Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаған Масийхтың қаны бизлердиң тири Қудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды өлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сөзсиз. 15Солай етип, Қудай тәрепинен шақырылғанлардың ўәде етилген мәңгилик мийрасты алыўы ушын, Масийх Қудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тәўеллешиси болды. Өйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Өзин қурбан етти. 16Ўәсият ▼▼ Ўәсият – грекше «ўәсият» сөзи «келисим» дегенди де билдиреди.
бар жерде ўәсият еткен адамның өлимин тастыйықлаў да керек болады. 17Ўәсият тек адамның өлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўәсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес. 18Сонлықтан биринши келисим де қан төгилгеннен кейин күшке енди. 19Муўса Мухаддес Нызамның ҳәр бир буйрығын халыққа жәриялағаннан соң, тана ҳәм текелердиң суў қосылған қанына қырмызы жүн менен майоран шөбин малып алып, Келисим китабының ҳәм пүткил халықтың үстине сеўип: 20«Бул – Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан», ▼ – деди. 21Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳәм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи. 22Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳәмме нәрсе қан менен тазаланады. Қан төгилмесе, гүна кеширилмейди. Масийхтың минсиз қурбанлығы
23Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нәрселердиң үлгиси болған бул нәрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нәрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис. 24Себеби Масийх аспандағы ҳақыйқый ҳәм Мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳәзир бизлер ушын Қудайдың алдында тур. 25Малдың қаны менен Ең мухаддес бөлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масийхқа Өзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ. 26Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масийхтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масийх Өзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мәртебе жерге келди. 27Бир мәртебе өлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тәғдирине жазылған. 28Сол сыяқлы, Масийх та көплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан болды. Екинши мәртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Өзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.
Copyright information for
KaaIBT22C