Hosea 1
1Яҳуда патшалары Уззия, Иотам, Ахаз, Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары ҳәм Израил патшалары Еҳоаш улы Яробам ҳүкимдарлық еткен ўақытлары Беерий улы Ҳошеаға Жаратқан Ийеден сөз түсти.Ҳошеаның ҳаялы ҳәм балалары
2Жаратқан Ийе Ҳошеа арқалы сөйлей баслап, оған былай деди: – Бар, бир бузық ҳаялға үйлен, оның бузықшылық пенен туўған балалары болады. Өйткени бул ел де Жаратқан Ийеден бас тартып, опасызлық қылды. 3Солай етип, Ҳошеа Диблайымның қызы Гомерге үйленди. Гомер ҳәмиледар болып, Ҳошеаға ул туўып берди. 4Жаратқан Ийе Ҳошеаға былай деди: – Улыңның атын Изреел деп қой. Себеби узақ ўақыт өтпей, Мен патша Еҳудың шаңарағын Изреелде қан төккени ушын жазалайман. Израил патшалығын жоқ қыламан. 5Сол күни Мен Изреел ойпатлығында Израилдың садағын сындыраман. 6Гомер және ҳәмиледар болып, қыз туўды. Жаратқан Ийе Ҳошеаға: – Қыздың атын Ло-Рухама ▼▼ Ло-Рухама – «реҳим етилмеген» дегенди билдиреди.
деп қой. Өйткени буннан былай Мен Израил халқына реҳим қылмайман, оларды кеширмеймен. 7Бирақ Яҳуда халқына реҳим қыламан. Оларды садақ, қылыш, саўаш, ат ҳәм атлылар арқалы емес, ал олардың Қудайы болған Мен, Жаратқан Ийе, Өз күшим менен қутқараман, – деди. 8Гомер Ло-Рухаманы емшектен шығарғаннан соң, және ҳәмиледар болып, ул туўды. 9Жаратқан Ийе былай деди: – Улыңның атын Ло-Аммий ▼▼ Ло-Аммий – «Мениң халқым емес» дегенди билдиреди.
деп қой. Өйткени енди сизлер Мениң халқым емессиз, Мен де сизлердиң Қудайыңыз емеспен. 10Деген менен, Израил халқы теңиздеги қум сыяқлы көп болып, оларды өлшеп те, санап та болмайтуғын ўақыт келеди. Оларға: «Сизлер халқым емессиз», – деп айтылған жерде: «Тири Қудайдың балаларысыз», – деп айтылады. 11Сонда Яҳуда ҳәм Израил халықлары қайтадан бирлесип, өзлерине бир басшы таңлайды. Олар өз елинде өсип, гүллеп жаснайды. Солай етип, Изреелдиң ▼▼ Изреел – «Қудай егеди» дегенди билдиреди.
күни уллы бир күн болады.
Copyright information for
KaaIBT22C