Hosea 10
1Израил жайылып өскен жүзим ағашына мегзейди,Мол мийўесин берди,
Бирақ мийўеси көбейген сайын,
Бутқа арнап көп қурбанлық орын қурды.
Ели гүллеп жаснаған сайын, кийели тасларды безеди.
2Кеўиллери екиге бөлинген бул халық енди айыбы ушын жазасын алады,
Жаратқан Ийе бутқа арналған қурбанлық орынларын қулатады,
Кийели тасларын сындырып таслайды.
3Соннан соң олар былай дейди:
«Бизлердиң патшамыз жоқ,
Өйткени Жаратқан Ийеден қорқпадық.
Патшамыз болғаны менен,
Не келер еди оның қолынан?»
4Олар айтып атыр мәниссиз сөзлерди,
Жалған ант ишип, келисим дүзип атыр.
Соның ушын, атыздың қарықларындағы зәҳәрли шөп сыяқлы,
Әдилсизлик көбейип бармақта.
5Самарияда жасайтуғынлар,
Бейт-Аўендеги қашар бутынан қәўетер алар,
Халқы оның ушын жас төгер.
Буттың руўханийлери де дад салар,
Себеби буттың салтанаты алып тасланады.
6Бут сый ретинде уллы патшаға, Ассирияға алып кетиледи,
Эфрайым шерменде болады,
Израил өз жобасы себепли уятқа қалады.
7Суўдағы ығып кеткен таяқ сыяқлы,
Самария патшасы жоқ болып кетеди.
8Израилдың гүнасына себеп болған,
Аўендеги сыйыныў орынлары жоқ қылынады.
Қурбанлық орынларды жантақ ҳәм шеңгеллер басады.
Сонда адамлар таўларға: «Бизлерди жерлең!»
Төбешиклерге: «Үстимизге қулаң!» деп жалынады.
9Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, Израил, сен Гибада болған күннен баслап гүна иследиң,
Сол жерде өзгерместен қалдың.
Гибадағы жынаятшыларға қарсы саўаш болмады ма?
10Мен қәлеген ўақтымда жазаңды беремен,
Саған қарсы халықларды бирлестиремен.
Еки жынаятың ушын,
Душпанлар саған кисен салады.
11Эфрайым түйек айдаўды жақсы көретуғын,
Үйретилген қашарға уқсайды.
Бирақ мойынтырық тағаман,
Эфрайымның сулыў мойнына.
Эфрайымды ертлеймен,
Яҳудаға қос айдатаман,
Яқыпқа мала бастыраман.
12Ҳәй, Израил, өзиңиз ушын әдиллик егиң,
Сүйиспеншилик жемисин орып алың.
Өзлериңиз ушын сүрилмеген жериңизди сүриң,
Себеби Жаратқан Ийениң алдына келетуғын ўақтыңыз болды,
Ол келген ўақытта,
Үстиңизге әдалатлықты жаўындай жаўдырсын.
13Бирақ сизлер жаўызлық егип,
Әдилсизликти орып алдыңыз,
Жалғанның мийўесинен жедиңиз,
Өйткени тутқан өз жолыңызға сүйенип,
Батыр жаўынгерлериңизге исендиңиз.
14Соның ушын, халқыңыздың басына саўаш апаты дөнип тур,
Шалманның саўаш күнинде Бейт-Арбелди қулатқанындай,
Ҳаялларды балалары менен бирге жерге урып өлтиргениндей,
Қулайды сениң барлық қорғанларың.
15Ҳәй Бейт-Эл, жаўызлықларыңның көплиги ушын,
Усы күнлер басыңа түседи.
Таң атқанда, Израил патшасы набыт болады».
Copyright information for
KaaIBT22C