‏ Hosea 11

Қудайдың Израилға деген сүйиспеншилиги

1Жаратқан Ийе былай дейди:
«Балалығында Израилды сүйдим,
Улымды Мысырдан шақырып алдым.
2Оларды қанша шақырсам,
Меннен сонша узақласты.
Қурбанлықлар берди Баалларға,
Түтеткилер түтетти бутларға.
3Эфрайымға тәй-тәй турып, жүриўди Мен үйреттим,
Оны қолларымда көтерип жүрдим.
Бирақ ол билмеди Мениң шыпа бергенимди.
4Мен оны инсан жиби менен,
Сүйиспеншилик арқаны менен жетеледим.
Мойнынан мойынтырықты алып таслап,
Оны аўқатландырыў ушын, еңкейдим.

5Халқым тәўбе қылыўдан бас тартқаны ушын,
Мысырға қайтып бармай ма?
Ассирия оларға ҳүкимдарлық қылмай ма?
6Қалаларында қылыш жалаңлайды,
Дәрўазаларының тәмбилери жоқ қылынады,
Қорғаны ишинде оларды қылыш жалмайды.
7Өз халқым Меннен жүз бурыўға бейимлеседи,
Баалға дад салса да,
Ол оларды ҳасла жоқары көтермес.

8Ҳәй, Эфрайым, қалай сеннен ўаз кешейин?
Ҳәй Израил, қалайынша сени таслап кетейин?
Адма қаласын жоқ қылғанымдай, сени жоқ қыла аламан ба?
Себойымға қылғанымды саған қыла аламан ба?
Бундай қылыўға жүрегим даўамас ҳасла!
Саған болған меҳрим артып кетти.
9Яқ, лаўлаған ғәзебимди басыңызға жаўдырмайман,
Эфрайымды және набыт қылмайман.
Өйткени Мен инсан емеспен, Қудайман,
Араңызда болатуғын мухаддес Қудайман,
Артық алдыңызға ғәзеп пенен бармайман.
10Арысландай ақырғанымда, халқым Жаратқан Ийениң, Мениң изимнен ереди,
Мен ақырғанымда балаларым батыстан титиресип келеди.
11Олар Мысырдан қуслардай болып,
Ассириядан кептерлердей қалтырап келеди.
Мен оларды үйлерине орналастыраман,
Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман».

Израилдың гүнасы

12«Эфрайым әтирапымды жалған менен,
Израил Мени ҳийле менен орап таслады.
Ал Яҳуда Қудай менен бирге болып,
Мухаддес Қудайға садық қалды».
Copyright information for KaaIBT22C