Hosea 12
1Эфрайым шөл самалын күтип турады,Күни бойы шығыс самалының изинен қуўып жүреди.
Жалған ҳәм зорлықты арттырады.
Ассирия менен келисим дүзип,
Зәйтүн майын Мысырға жибереди.
2Жаратқан Ийениң даўасы бар Яҳудаға,
Яқыпты жүрген жолы бойынша жазалайды,
Ислеген ислерин өзлерине қайтарады.
3Яқып анасының қарнында туўысқанының табанын услаған ▼,
Үлкейгенде, Қудай менен гүрескен ▼.
4Периште менен гүресип, оны жеңди,
Ол жылап, мийрим-шәпәәт сорады.
Қудайды Бейт-Элде тапты,
Сол жерде Қудай бизлер менен сөйлести ▼.
5Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы,
Оның аты – Жаратқан Ийе.
6Сонлықтан Қудайыңа қайт сен,
Сүйиспеншиликти ҳәм әдилликти сақла,
Ҳәмме ўақытта Қудайыңды күт.
7Жаратқан Ийе былай дейди:
«Халқым тәрезиден жейтуғын саўдагерге уқсайды,
Олар урлықты жақсы көреди.
8Эфрайым: „Мен байман,
Өзиме мал-дәўлет арттырдым,
Барымды маңлай терим менен таптым,
Ҳеш ким мени гүнакар деп айыплай алмас“, – дейди.
9Бирақ сени Мысырдан алып шыққан,
Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан.
Шөлдеги күнлериңиздегидей,
Сени және шатырларға орналастыраман.
10Мен пайғамбарларға сөйледим,
Оларға көп аянлар бердим,
Олар арқалы тымсаллар айттым».
11Гиладта жаўызлық исленбеди ме?
Сөзсиз оның халқы әҳмийетсиз болып қалды.
Гилгалда буғалар қурбанлық қылынбады ма?
Атызлар дөгерегиндеги қурбанлық орынлар,
Тас үйиндилерине уқсап қалады.
12Яқып Арам елине қашып кетти ▼,
Израил ол жерде ҳаялы ушын қул болып,
Қалыңлық төлеў ушын қой бақты ▼.
13Жаратқан Ийе пайғамбары арқалы,
Израил халқын Мысырдан алып шықты,
Пайғамбар арқалы оларды қорғады.
14Бирақ Эфрайым қатты ғәзеплендирди Қудайды,
Эфрайымнан есабын талап қылады төккен қаны ушын,
Оны мазақ қылғаны ушын ылайықлы жазасын қайтарады.
Copyright information for
KaaIBT22C