‏ Hosea 13

Израилдың кейинги жазасы

1Жаратқан Ийе былай дейди:
«Бурын Эфрайым сөйлегенде, ҳәмме титирейтуғын еди,
Израилда оның мәртебеси уллы еди.
Бирақ Эфрайым Баалға табынып, гүна арттырды,
Усылай етип, өзин өлимге тапсырды.
2Ҳәзир де халқым гүна үстине гүна ислеп атыр,
Гүмислеринен қуйма бутлар,
Шеберлик пенен мүсинлер соғып атыр.
Булардың ҳәммесин өнермент қолдан ислер.
Бундай адамлар ҳаққында бир сөз бар:
„Бутқа қурбанлық қылған – тананы сүйген болады“.
3Соның ушын, олар таңғы думандай болады,
Бир майданда жоқ болатуғын шыққа уқсайды.
Самал ушырған қырмандағы қаўықтай жоқ болады,
Морыдан шыққан түтинге уқсап қалады.

4Бирақ Мысырдан сени алып шыққан,
Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан.
Меннен басқа Қудайды билмеўиң керек,
Меннен басқа жоқдур сениң қутқарыўшың.
5Мен сени шөлде,
Суўсыз қурғақшылықта бақтым.
6Отлы жайлаўда олар тойды,
Қарны тойғаннан кейин, менмен болды.
Сол себепли сен Мени умыттың.
7Мен олардың жолын арыслан сыяқлы аңлыйман,
Қаплан сыяқлы, буққыда жатаман.
8Балаларынан айырылған айыў сыяқлы тасланаман,
Жүреклерин жаўып турған көкиреклерин тилкимлеп таслайман.
Сол жерде арыслан сыяқлы оларды жалмайман,
Жыртқыш ҳайўан киби майдалап таслайман.

9Ҳәй, Израил, Мен сени қуртаман,
Саған ким жәрдем бере алады?
10Барлық қалаларыңды қутқаратуғын патшаң қәне?
„Бизлерге патша ҳәм басшы бер“, – деп сораған бийлериң қәне?
11Мен ашыўланып, саған патша бердим,
Ғәзепке мингенимде, оны алып тасладым.
12Эфрайымның жынаяты жыйналып тур,
Оның гүнасы сақланып тур.
13Толғақ тутқан ананың азабы оған түседи,
Бирақ бала ақылсыз болып,
Ўақты болғанда да, қарыннан шықпады.

14Бул халықты өлилер мәканының күшинен қутқарар ма едим?
Оларға әмеңгерлик қылар ма едим?
Ҳәй өлим, уўлы ийнеңди шығар!
Ҳәй өлилер мәканы, апат күшиңди көрсет!
Енди Мен реҳим қылмайман».

15Эфрайым туўысқанлары арасында көп өсип-өнсе де,
Жаратқан Ийе оның үстине шығыс самалын,
Шөлден есетуғын самал жибереди,
Оның булағы қурыйды,
Қудығының суўы тартылып қалады.
Ғәзийнесиндеги баҳалы затлары тоналады.
Copyright information for KaaIBT22C