‏ Hosea 14

1Самария өз Қудайына қарсы бас көтерди,
Енди олар гүнасының жазасын тартып, қылыштан өледи.
Душпанлар жерге урып өлтиреди бөпелерин,
Жүкли ҳаялларының қарынларын жарады.

Ҳошеаның Израилға жалбарыныўы

2Қудайың Жаратқан Ийеге қайт, ҳәй Израил,
Өйткени гүнаң себепли қуладың.
3Тәўбе етип, Жаратқан Ийеге қайт,
Оған айт: «Барлық гүналарымызды кешир,
Дуўамызды қабыл ет.
Буғаларды қурбанлық қылғандай, Саған алғыс-мақтаў усынамыз.
4Ассирия бизлерди қутқара алмайды,
Минбеймиз саўаш атларына.
Енди қолдан соғылған бутларды „қудайымыз“, демеймиз.
Себеби жетим Сеннен реҳим табады».

Жаратқан Ийениң Израилға үмит бериўи

5Жаратқан Ийе былай дейди:
«Шыпа берип халқыма, опасызлықтан қайтараман,
Сүйемен шын кеўилден оларды.
Себеби оларға деген ғәзебим қайтты.
6Шық сыяқлы боламан Израилға,
Сонда Израил лала гүлдей ашылады,
Лебанон кедри сыяқлы тамыр жаяды.
7Олардың шақалары жайылып,
Зәйтүн ағашындай көркем болады.
Лебанондағы кедр ағашындай хош ийис таратады.
8Олардың саясында және халықлар жасайды,
Олар мол бийдай жетистирип, жүзимдей гүллейди.
Лебанон шарабындай белгили болады.
9Эфрайым былай десин: „Бутлар маған керек емес!
Қудайдың даўысына қулақ саламан,
Нәзеримди Оған қаратаман,
Мен жасыл сәрўи ағашындай боламан“.
Мен сен алған мол зүрәәтиңниң булағыман».

10Ким дана болса, усы жазылған сөзлерди түсинеди,
Ким ақыл-парасатлы болса, булардың барлығын аңлайды.
Жаратқан Ийениң жоллары туўры,
Бул жолдан жүреди ҳақ адамлар,
Бирақ гүнакарлар бул жолларда сүрнигип жығылады.
Copyright information for KaaIBT22C