‏ Hosea 2

1Жаратқан Ийе былай деди: «Аға-инилериңизди Аммий
Аммий – «Мениң халқым» дегенди билдиреди.
, әжапа-қарындасларыңызды Рухама
Рухама – «реҳим етилген» дегенди билдиреди.
, деп шақырың».

Израилдың опасызлығы

2«Анаңыздың айыбын бетине басың, аўа, айыбын бетине басың,
Ол енди ҳаялым емес,
Мен де оның күйеўи емеспен.
Жүзиндеги бузықшылық бояўын өширип,
Алып тасласын көкирегиндеги бузықшылық белгисин.
3Болмаса, Өзим оның кийимин шешип, жалаңаш қыламан,
Анасынан туўылғандай етип, ҳәммениң алдына қояман.
Кеўип қалған жердей, шөл даладай етип,
Суўсызлықтан өлтиремен.
4Балаларына реҳим қылмайман,
Өйткени олар бузықшылықтан туўылған.
5Олардың анасы бузықшылық қылды,
Шерменделик пенен оларға ҳәмиледар болды.
Ол былай деди: „Ойнасларымның изинен еремен,
Нанымды, суўымды, жүн ҳәм зығыр таўарымды,
Зәйтүн майымды ҳәм ишимлигимди олар береди“.

6Соның ушын, тосаман жолын тикенлер менен,
Жолын таба алмасын деп, дийўал қураман.
7Ойнасларының изинен қуўады,
Бирақ оларға жете алмайды,
Оларды излейди, бирақ таба алмайды.
Сонда ол былай дейди:
„Күйеўимниң алдына қайтып барайын,
Сол ўақыттағы аўҳалым ҳәзиргиден жақсы еди!“
8Бийдай, шарап ҳәм зәйтүн майын,
Оған Мен бергенимди билмеди.
Баал ушын қолланған гүмис пенен алтынды да,
Оған Мен бергенимди билмеди.

9Соның ушын, зүрәәт ўақтында тартып аламан бийдайымды,
Жыйын-терим мәўсиминде алып қояман таза шарабымды.
Жалаңаш денесин жаўып турған жүн ҳәм зығыр таўарларымды қайтарып аламан.
10Мине, енди ойнасларының көз алдында,
Оны жалаңашлап, абырайын төгемен,
Ҳеш ким оны қутқара алмайды Мениң қолымнан.
11Пүткил қуўанышларына, үлкен байрамларына,
Жаңа Ай байрамына ҳәм Шаббат күнлерине,
Барлық белгиленген байрамларына шек қояман.
12„Ойнасларымның берген төлеми“, деп айтқан,
Жүзимзарлары менен әнжир бағларын ўайран етемен,
Ҳәммесин тоғайлыққа айландыраман.
Бағлары жем болады жабайы ҳайўанларға.
13Баалларға арналған байрам күнлери,
Оған арнап түтетки түтеткени ушын,
Сырға ҳәм тағыншақлар менен безенип,
Ойнасларының изинен жүрип,
Мени толық умытқаны ушын, оны жазалайман», – дейди Жаратқан Ийе.

Жаратқан Ийениң Израилға деген сүйиспеншилиги

14«Ал енди, оның кеўлин табаман,
Шөлге алып барып, жыллы сөйлесемен.
15Соннан кейин оған жүзимзарларын қайтарып беремен,
Ахор
Ахор – «апат» дегенди билдиреди.
ойпатлығын үмит есиги қыламан.
Жаслық ўақтындағыдай,
Мысырдан шыққан күнлериндегидей,
Ол Маған: „Аўа“, – деп жуўап береди.

16Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – сен Мени „Күйеўим“, деп шақырасаң, артық „Мырзам“
Сөзбе-сөз: «Баалым».
демейсең.
17Бааллардың атларын қайтып тилиңе алмайтуғын қыламан. Олардың атлары қайтадан ядқа алынбайды. 18Сол күни олар ушын жабайы ҳайўанлар, аспандағы қуслар ҳәм жер баўырлаўшылар менен келисим дүземен. Сол жерден садақ ҳәм қылышларды, барлық саўаш қуралларын жоқ қыламан. Сонда олар қәўипсиз жататуғын болады. 19Мен сени Өзиме мәңгиге некелеп аламан. Саған ҳәмме ўақытта әдалатлы ҳәм әдил, сүйиспеншиликли ҳәм мийрим-шәпәәтли қатнаста боламан. 20Сениң менен болған некеге садық қаламан, сен Мени Жаратқан Ийе, деп билесең.

21Сол күни жуўап беремен,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Мен аспанға, аспан болса жерге жуўап береди.
22Жер бийдай, таза шарап ҳәм зәйтүн майы менен жуўап береди,
Олар Изреелге жуўап береди.
23Сол ўақытта Мен оны Өзим ушын усы жерге егемен.
Ло-Рухамаға реҳим көрсетемен,
Ло-Аммийге: „Мениң халқым“, – деймен.
Ол да Мени: „Мениң Қудайым“, – деп шақырады».
Copyright information for KaaIBT22C