Hosea 3
Ҳошеа ҳәм оның опасыз ҳаялы
1Жаратқан Ийе маған былай деди: – Сен және бар! Ойнасы бар ҳәм бузықшылық ислеген болса да, ҳаялыңа қайтадан сүйиспеншилигиңди көрсет. Жаратқан Ийе болған Мениң Израил халқын сүйгеним сыяқлы, сен де ҳаялыңды сүй. Израил халқы басқа қудайларға бурылып кетти ҳәм нығызланған кишмишти жақсы көреди. 2Солай етип, мен он бес шекел ▼▼ Он бес шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмиске, бир ярым хомер ▼▼ Бир ярым хомер – бир хомер шама менен 220 л.
арпаға өз ҳаялымды қайтарып сатып алдым. 3Оған: – Сен узақ ўақыт мениң менен жасайсаң. Бузықшылық қылмайсаң. Бирде бир еркекке жақынламайсаң, мен де саған жақынласпайман, – дедим. 4Өйткени Израил халқы да узақ ўақыт даўамында патшасыз, басшысыз, қурбанлықсыз, кийели тассыз, эфод ▼▼ Эфод – сөзликке қараң.
ҳәм кийели мүсинсиз жасайды. 5Соннан кейин, Израил халқы қайтадан Қудайы Жаратқан Ийени ҳәм Даўыт патшаны излейди. Ақырғы күнлерде олар Жаратқан Ийеден қорқып, Оның ийгилигин қабыллайтуғын болады.
Copyright information for
KaaIBT22C