‏ Hosea 4

Жаратқан Ийениң Израил халқын айыплаўы

1Тыңлаң Жаратқан Ийениң сөзин, Израил халқы,
Жаратқан Ийениң бул елдиң турғынларына қарсы даўасы бар:
«Бул елде садықлық та, сүйиспеншилик те, Қудай ҳаққында билим де жоқ,
Мени, Өз Қудайын танығысы келмейди.
2Ол жерде нәлет, жалған, адам өлтириў, урлық,
Ҳәм бузықшылық толып кеткен.
Ҳәмме жақта зорлық, қан үстине қан төгеди.
3Соның ушын, жер көз жас төгеди,
Ол жерде жасайтуғын халық ҳәлсирейди.
Набыт болар жабайы ҳайўанлар,
Көктеги қуслар, ҳәттеки теңиздеги балықлар».

Жаратқан Ийениң руўханийлерди айыплаўы

4«Бирде биреўиңиз даўласпаңлар,
Ҳеш ким бир-бирин айыпламасын,
Мениң даўам сизлерге қарсы, ҳәй руўханийлер!
5Сизлер күндиз жығыласыз,
Пайғамбар да түнде сизлер менен бирге сүрнигеди,
Мен анаңызды набыт қыламан.

6Жоқ болмақта халқым Мени билмегени ушын,
Өйткени сизлер ўаз кештиңиз Мени билиўден,
Маған руўханий болып хызмет етпесин, деп,
Мен де ўаз кешемен сизлерден.
Сизлер умыттыңыз Қудайыңыздың нызамларын,
Соның ушын, Мен де перзентлериңизди умытаман.
7Руўханийлер, сизлердиң саныңыз артқан сайын,
Маған қарсы көп гүна қылдыңыз.
Енди абырайыңызды төгип, шерменде қыламан.
8Сизлер халқымның гүна қурбанлықлары арқалы жасайсыз,
Олардың гүна қылыўын қәлейсиз.
9Халқымның басына түскен сизлердиң де басыңызға түседи.
Тутқан жолыңыз бойынша жазалайман,
Қылған қылмысыңызға жараса қайтараман.
10Олар жейди, бирақ тоймайды қарны,
Бузықшылық қылады, бирақ көбеймейди саны.
Олар бузықшылық ушын, Жаратқан Ийени тәрк етти».

Қудайдың бутқа табыныўшыларды ҳүким қылыўы

11«Жаңа ҳәм ески шарап,
Халқымды ес-ақылынан айырды.
12Олар ағаш буттан кеңес сорап,
Таяқтан жуўап алады.
Өйткени жолдан урды оларды бузықшылық руўхы,
Өз Қудайынан айырылып, бузықшылық қылды.
13Таўлардың төбелеринде қурбанлықлар шалып,
Түтетки түтетип атыр төбешиклерде,
Емен, ақ терек ҳәм теребинфлердиң қойыў саяларында.
Соның ушын, қызларыңыз бузық болды,
Келинлериңиз неке ҳадаллығын бузды.
14Бузықшылық қылған қызларыңызды,
Неке ҳадаллығын бузған келинлериңизди жазаламайман.
Себеби еркеклердиң өзлери бузықларға барады,
Бутқа табынатуғын жерде бузықлар менен бирге қурбанлық шалады.
Ес-ақылынан айырылған халық өледи.

15Сен, Израил бузықшылық қылсаң да, Яҳуда бул айыпқа қол урмасын.
Табыныў ушын Гилгалға бармаң, Бейт-Аўенге
Бейт-Аўен – «жаўызлық үйи» дегенди аңлатады. Ҳошеа Бейт-Эл қаласын сол жердеги бутпаразлық себепли усылай атады.
де аяқ баспаң.
Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишпең.
16Израил қайсар сыйырдай болып кетти,
Енди Жаратқан Ийе оларды
Қалай бағады қойдай етип кең жайлаўда?
17Эфрайым
Эфрайым – арқа патшалық Израил нәзерде тутылған.
бутларға жүрегин берди,
Қой оны!
18Олар шарабын таўысылғанша ишип,
Бузықшылық жолын даўам етеди,
Олардың ҳүкимдарлары шерменделикти жақсы көрди.
19Даўыл оларды ушырып алып кетеди,
Бутларға берген қурбанлықлары себепли уятқа қалады».
Copyright information for KaaIBT22C