Hosea 5
Израил ҳәм Яҳуданың ҳүким етилиўи
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Ҳәй, руўханийлер, еситиңлер!
Ҳәй, Израил халқы, дыққат пенен тыңлаңлар!
Қулақ салың, ҳәй патша шаңарағы!
Сизлерге қарсы ҳүким шығарылды.
Сизлер Миспада адамлар ушын дузақ,
Табор таўында жайылған бир тор болдыңыз.
2Сизлер терең баттыңыз Шиттимде,
Бирақ Мен ҳәммеңизди жазалайман.
3Эфрайым, сени жақсы билемен,
Израилда да Мениң ушын жасырын нәрсе жоқ.
Эфрайым, ҳәзир сен бузықшылық қылып кеттиң,
Израил, сен өзиңди ҳарамладың.
4Ислеген ислери Қудайына қайтыўына жол қоймайды,
Себеби олардың ишинде бузықшылық руўхы бар,
Олар Жаратқан Ийени танымады.
5Израилдың менменлиги өзине қарсы гүўалық береди,
Өз жынаяты себепли қулайды Израил, яғный Эфрайым,
Яҳуда да оның менен бирге қулайды.
6Қой ҳәм маллары менен Жаратқан Ийени излейди,
Бирақ Оны таба алмайды,
Өйткени Жаратқан Ийе оларды таслап кетти.
7Олар Жаратқан Ийеге опасызлық етти,
Некесиз балалар туўды.
Жаңа ай байрамы олардың өзлерин,
Және де, егинлерин жалмап жутады».
Израил менен Яҳуда арасындағы урыс
8«Гибада кәрнай, Рамада кәрнай шертиң,Бейт-Аўенде саўаш дабылын урың,
Душпан изиңизден киятыр, ҳәй Бенямин!
9Жаза күни Эфрайым қаңырап, босап қалады,
Израил урыўларына жәриялағаным сөзсиз жүз береди.
10Яҳуда басшылары жер шегарасының сызығын,
Жылыстырғанларға уқсайды,
Суў тасқынындай етип, ғәзебимди төгемен олардың үстине.
11Ҳүким ўақтында Эфрайым азап шегип, езилди,
Өйткени бийҳуда затларға ериўди абзал көрди.
12Мен Эфрайымды күйе сыяқлы жеп,
Яҳуда халқын қурт сыяқлы кемиремен.
13Эфрайым өзиниң кесел екенин,
Яҳуда өз жараларын көргенде,
Эфрайым Ассирияға кетти,
Уллы патшадан жәрдем сорап, елши жиберди,
Бирақ ол шыпа бере алмайды сизлерге,
Жараңызды тәўир қыла алмайды.
14Өйткени Мен Эфрайымға арыслан сыяқлы,
Яҳуда халқы ушын күшли бир арысландай боламан.
Оларды Өзим тилкимлеп, майдалап таслайман,
Сүйреп, Өзим алып кетемен.
Оларды ҳеш ким қутқара алмайды.
15Олар өз гүнасын мойынлаған ўақытқа дейин,
Мен оларды таслап кетемен.
Азап ишинде жүргенде, Мениң жүзимди излеп, олар Маған қайтады».
Copyright information for
KaaIBT22C