Hosea 6
Халықтың өтириктен тәўбе қылыўы
1Бул халық былай дейди:«Келиңлер, Жаратқан Ийеге қайтайық!
Ол бизлерди тилкимлеп, майдалап таслады,
Шыпаны да Өзи береди.
Бизлерди жарадар қылды,
Жараларымызды Өзи таңады.
2Еки күнде бизлерди өмирге қайтарады,
Үшинши күни аяққа турғызады,
Оның дәргайында жасаймыз.
3Келиңлер, Жаратқан Ийени билиўге умтылайық,
Оны билиўге ғайрат салайық.
Ол таң атыўындай сөзсиз келеди,
Жерди суўғаратуғын жаўын сыяқлы,
Аўа, бәҳәр жаўынындай бизлерге келеди».
4Қудай былай дейди:
«Саған не қылайын, ҳәй Эфрайым?
Саған не қылайын, ҳәй Яҳуда?
Сүйиспеншилигиңиз таңдағы думандай тез жоқ болады,
Ерте азанғы шық сыяқлы парланып кетеди.
5Соның ушын, сизлерди пайғамбарларым арқалы шаўып тасладым,
Аўзымнан шыққан сөзлерим менен өлтирдим,
Таң нурының шығатуғынындай,
Шығарған ҳүкимим сөзсиз жүзеге асады.
6Өйткени Мен қурбанлық емес,
Мийрим-шәпәәт қәлеймен,
Жандырылатуғын қурбанлықларды емес,
Мени, Қудайды танып, билиўиңизди қәлеймен.
7Халқым Адам-ата сыяқлы келисимди бузды,
Аўа, ол жерде Маған опасызлық қылды.
8Гилад – жаўызлардың қаласы,
Көшелери қан излерине толы.
9Қарақшылар буққыда жатып, қурбанын аңлыйды,
Руўханийлер топары да оларға уқсайды.
Шехем қаласына баратуғын жолда адам өлтиреди,
Аўа, олар жеркенишли жынаятқа қол урады.
10Мен Израилда қорқынышлы ҳәдийсени көрдим:
Эфрайым бузықшылық қылды,
Израил өзин ҳарамлады.
11Мен халқымды және абаданшылыққа еристирмекши болғанымда,
Ҳәй, Яҳуда, сениң де жаза күниң белгиленди.
Copyright information for
KaaIBT22C