‏ Hosea 7

1Израилды шыпаламақшы болғанымда,
Эфрайымның айыплары әшкара болды,
Самарияның жынаяты ашылды.
Олар ҳийлекерлик пенен ис тутады,
Урылар үйлерге урлыққа түседи,
Қарақшылар жол тосып тонаўшылық қылады.
2Олардың ислеген жаўыз ислери ядымда,
Бирақ олар буны ойламайды да.
Енди жаўыз ислери өзлерин қоршап алды,
Сол гүналар Мениң көз алдымда.

3Олар жаманлықлары менен патшаның,
Жалғанлары менен ҳәмелдарларының кеўлин көтерер.
4Олардың ҳәммеси бузықшылыққа ҳәўес,
Олар қамырды ийлегеннен баслап,
Ол ашығанға дейин,
Өшпей жанып турған тандырға уқсайды.
5Патшасының байрамы күни,
Ҳәмелдарлар шараптың қызыўына мәс болды,
Патша сурбетлер менен табақлас болды.
6Олар ҳийле менен оған жақын болар,
Жүреклери пештей жанар,
Түни менен ғәзептен пысқып,
Азанда жалындай лаўлайды.
7Тандырдай қызған бул барлық адамлар,
Ҳүкимдарларын жалмамай жутып атыр.
Нәтийжеде патшалары биринен кейин бири өлип атыр,
Бирақ Мени жәрдемге шақырмады биреўи де.

8Эфрайым басқа халықлар менен араласып кетти,
Ол бир жағы күйип, бир жағы шийки қалған нанға уқсайды.
9Өзге халықлар оның күшин жалмады,
Ол болса, буны аңламады.
Шашларына ақ түсти,
Бирақ буны да байқамады.
10Израилдың менменлиги, өзине қарсы гүўалық берер,
Басына түскен апатларға қарамай,
Өз Қудайы Жаратқан Ийеге қайтпады,
Олар Мени излемеди.

11Эфрайым сана-сезими жоқ, ақылсыз кептерге уқсайды,
Олар биресе Мысырды шақырып,
Биресе Ассирияға барып, жәрдем сорайды.
12Олар кеткенде, Мен торымды олардың үстине таслайман,
Аспанда ушып жүрген қустай етип, жерге түсиремен.
Оларды жыйынында айтылғаны бойынша жазалайман.
13Ҳәсирет болсын, оларға!
Себеби олар Меннен узақласып кетти!
Апат жаўады олардың басларына,
Өйткени Маған қарсы бас көтерди!
Оларды қутқарғым келеди,
Бирақ Маған жалған сөйлейди.
14Олар Маған шын жүректен жалбарынбайды,
Төсеклеринде жатып, бақырады.
Бийдай ҳәм шарап ушын олар өз денелерин тиледи
Баалға табыныўшылар тәрепинен исленген ҳәрекет. 3Пат 18:28.
.
Меннен олар узақласады.
15Оларға тәлим-тәрбия берип, күшейткен болсам да,
Олар Маған қарсы жаманлық ойлады.
16Олар жарамсыз садаққа уқсайды,
Маған, Қудай Таалаға жүзин бурмайды.
Ақылсыз сөзлери себепли,
Басшылары қылыштан өледи,
Мысырда олар күлки болады».
Copyright information for KaaIBT22C