Hosea 8
Қудайдың бутқа табыныўшыларды айыплаўы
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Кәрнай шалып, дабыл салың!
Душпан бүркиттей Жаратқан Ийениң халқының үстинде ушып жүр,
Себеби халқым келисимимди бузды,
Олар нызамыма қарсы шықты.
2Израил халқы Маған дад салып:
„Қудайым, Сени тән аламыз!“– дейди.
3Өзлери болса, ийгиликли ислерден бас тартты,
Душпанлар қуўғын қылады оларды.
4Олар Менсиз патшалар тайынлады,
Рухсатымсыз басшылар сайлады.
Гүмис ҳәм алтынынан өзлери ушын бутлар соқты,
Усы арқалы басларына апат келтирди.
5Ҳәй, Самария! Сениң тана сүлдериндеги бутың жеркенишли,
Сизлерге қарсы ғәзебим лаўлап жанбақта!
Қашан айыпсыз болып жүресиз?
6Өйткени бул Израилдың иси,
Бутты бир өнермент соқты, сонлықтан ол Қудай емес!
Самарияның мүсин танасы сындырып тасланады.
7Самал еккен адамлар боран орып алар,
Масақсыз бийдай ун болмас.
Бийдайыңыздың масағы болғаны менен,
Оны бөтен халықлар жеп кетер.
8Израил жалмап жутылды,
Басқа халықлар арасында жарамсыз ыдысқа уқсап қалды.
9Жалғыз қаңғып жүрген қуландай,
Олар Ассирияға кетти.
Эфрайым өзине ойнаслар жаллады.
10Олар басқа халықлардан ойнаслар жалласа да,
Мен оларды бир жерге жыйнап аламан.
Күшли патшаның зулымлығы астында,
Олар тез арада ҳәлсизленип қалады.
11Эфрайым гүналарын жуўмақшы болып,
Көп қурбанлық орынлар қурып таслады.
Булар болса, гүна ислейтуғын орынға айланды.
12Мен бул халыққа көп нызамлар жаздым,
Бирақ олар нызамларымды жат нәрсе деп санады.
13Олар қурбанлықлар береди,
Өзлери қурбанлық гөшинен жейди,
Бирақ Жаратқан Ийениң, Мениң кеўлим толмас оларға.
Олардың жынаятларын еске аламан.
Гүналары ушын жазасын беремен,
Олар Мысырға қайтып кетеди.
14Израил Өз Жаратыўшысын умытып, сарайлар қурды,
Яҳуда көп қалаларды беккемледи.
Бирақ Мен қалаларына от қояман,
Қорғанларын отқа жем қыламан».
Copyright information for
KaaIBT22C