Hosea 9
Израил халқының жазаланыўы
1Ҳәй Израил, басқа халықлардай қуўанып, шадланба!Сен опасызлық қылып, Қудайдан узақластың,
Барлық қырман жеринде,
Бузықшылыққа төленген төлемди жақсы көрдиң.
2Ал енди қырман да, шарап сығатуғын искенже де халықты тойдырмас,
Таза шарап та олардың үмитин ақламас.
3Олар Жаратқан Ийениң жеринде қалмайды,
Эфрайым Мысырға қайтып кетеди.
Ассирияда ҳарам саналған азық-аўқатларды жейди.
4Қурбанлықларың лазымдағы нан сыяқлы болып,
Оннан жегенлердиң ҳәммеси ҳарам саналады.
Жаратқан Ийеге ишимлик садақасын қуймаң,
Алып келген қурбанлықларың Оған мақул болмас.
Олардың наны тек ғана қарын ушын,
Бундай нанлар Жаратқан Ийениң Үйине киргизилмес.
5Не ислей аласыз белгиленген байрамларда,
Жаратқан Ийениң байрам күнлеринде?
6Олар апаттан қашып қутылса да,
Мысыр оларды бир жерге жыйнайды,
Пайтахты Мемфис оларды жерлейди.
Баҳалы гүмис затларыңды жантақ шөплер басып,
Шатырларына шеңгел өсип кетеди.
7Жаза берилетуғын ўақыт жетип келди,
Есап беретуғын ўақты келди.
Ҳәй, Израил, мынаны билип қой,
Көп гүналарың себепли,
Душпаншылығыңның шексизлиги соншелли,
Пайғамбар ақмақ, руўхтан илҳамланған адамлар телбе, деп саналды.
8Қудайым пайғамбарды Эфрайымға гүзетши қылды,
Бирақ оның ҳәр бир адымына дузақ қурдыңыз,
Душпанлық бар Қудайымыздың Үйинде.
9Гиба күнлериндеги сыяқлы ▼, олар азғырылыўға терең батты.
Қудай жынаятларын еске алады,
Гүналарына жараса жаза береди.
10Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен Израилды тапқанда,
Шөлде жүзим тапқандай болдым.
Ата-бабаларыңызды көргенде,
Дәслепки әнжир мийўесин көргендей болдым.
Бирақ олар Баал-Пеорға келгенде,
Сол жердеги жеркенишли бутқа өзлерин бағышлады.
Олар өзлери жақсы көрген сол бут сыяқлы
Жеркенишли болып қалды.
11Эфрайымның салтанаты бир қус сыяқлы ушып кетеди,
Оларда перзент те туўылмас, ҳаяллары да ҳәмиледар болмас,
Қурсағына бала да питпес.
12Егер перзент өсирсе де,
Мен оларды биреўин де қалдырмай тартып аламан.
Аўа, оларды таслап кеткенимде, ҳәсирет шегеди!
13Эфрайымды көргенимде,
Ол Тир қаласына уқсайтуғын еди,
Гөззал жерде жайласқан еди.
Бирақ енди Эфрайым өз балаларын,
Жәлладтың алдына алып шығады».
14Жаратқан Ийе, бул халқыңа не бересең?
Ҳаялларды бала туўмайтуғын,
Балаларын емизе алмайтуғын қылып бер.
15Жаратқан Ийе былай дейди:
«Олардың ҳәр бир жаўызлығы Гилгалдан басланды,
Сол жерде жеркене басладым олардан.
Ислеген жаўызлықлары ушын,
Оларды үйимнен қуўып жиберемен.
Артық оларды жақсы көрмеймен,
Олардың барлық басшылары Маған қарсы бас көтерди.
16Эфрайым қулады, тамырлары кеўип қалды,
Артық мийўе бере алмайды.
Балалы болған жағдайда да,
Әлпешлеген зүрядын өлтиремен».
17Олар Қудайға қулақ салмағанлықтан,
Қудайым олардан жүз бурады.
Халықлар арасында гезенде болады.
Copyright information for
KaaIBT22C