‏ Isaiah 10

1Әдалатсыз қағыйдалар шығарып,
Жәбирлеўши пәрманлар жазғанлар, ҳәсирет шегесизлер!
2Сизлер жарлыларды ҳуқықынан айырып,
Халқымның ҳәлсизлерин әдалаттан маҳрум етесиз,
Жесирлерди тонап,
Жетимлерди олжаға айландырасыз.
3Сизлер жаза күни,
Узақтан апат келгенде не қыласыз?
Жәрдем сорап кимге жуўырасыз?
Байлығыңызды қаяққа қалдырасыз?
4Тутқынлар арасында дизе бүгиўден,
Ямаса саўашта өлип кетиўден басқа шараңыз жоқ.
Бәри бир, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас,
Қолы көтерилиўин даўам етер.

Қудайдың Ассирияға шығарған ҳүкими

5«Ашыўымның таяғы болған Ассирия, ҳәсирет шегеди!
Қолындағы таяғы – Мениң ғәзебим.
6Оны қудайсыз халыққа,
Ғәзебим келген халыққа қарсы жиберемен.
Оны талан-тараж қылып, олжалаўды,
Көшедеги ылай сыяқлы, аяқ асты қылыўды буйыраман.
7Бирақ Ассирия патшасы булай нийет етип,
Булай ойламайды да.
Оның ойы көплеген миллетлерди қырып, жоқ қылыў.
8Ол былай дейди:
„Мениң ләшкербасыларымның ҳәммеси патшалар емес пе?
9Кално қаласы Каркемиш сыяқлы,
Хамат қаласы Арпад сыяқлы,
Самария Дамаск сыяқлы жоқ болған емес пе?
10Бутлары Ерусалим менен Самарияникинен де үлкен болған,
Бутқа исениўши патшалықларға қолым жетти.
11Самария ҳәм оның бутларына ислегенимди,
Ерусалим ҳәм оның бутларына да ислемеймен бе?“»

12Ийемиз Сион таўына ҳәм Ерусалимге қарсы барлық ислерин тамамлап болып, былай дейди: «Ассирия патшасын мақтанып көкирек көтергени ҳәм тәкаббир нәзер таслап жүргени ушын жазалайман. 13Себеби Ассирия патшасы былай дейди:

„Буны өз қолларымның күши менен,
Өз даналығым менен иследим.
Өйткени мен ақыллыман.
Мен халықлардың шегараларын алып таслап,
Ғәзийнелерин таладым,
Қүдиретли биреўдей, олардың патшаларын тахттан қулаттым.
14Уя тапқан сыяқлы,
Миллетлердиң байлығын таптым,
Қараўсыз қалдырылған мәйеклерди жыйнағандай,
Пүткил дүньяны жыйнадым.
Қанат қағып, аўзын ашып,
Айбат еткен болмады“».

15Балта өзи менен шаўып атырғанға мақтана ма?
Ямаса жарғы өзи менен кесип атырғанға өзин мақтай ма?
Таяқ өзин услап турғанды көтере ала ма?
Ямаса ағаштан болмаған тири жанды шоқмар көтерип силке ала ма?
16Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Ассирияның мықлы жаўынгерлерине,
Жүдететуғын кеселлик жибереди.
Оның салтанаты астында алысып атырған өрт киби,
Жалын тутанады.
17Израилдың нуры отқа,
Оның Мухаддеси жалынға айланып,
Ассирияның тикензар ҳәм жантақларын,
Бир күнде жандырып, жалмап жибереди.
18Оның саўлатлы тоғайлары менен өнимдар жерлерин,
Пүткиллей жоқ қылады Жаратқан Ийе,
Жаны да, тәни де набыт болады,
Аўыр дәртке жолыққан адам киби.
19Тоғайдағы тереклердиң аз қалғаны соншелли,
Ҳәтте, жас балалар да оларды санап, жаза алады.

Израилдың аман қалғанлары

20Сол күни Израилдың қалғанлары,
Яқыптың урпағының аман қутылғанлары,
Буннан былай өзлерин жазалағанларға арқа сүйемей,
Садықлық пенен Жаратқан Ийеге,
Израилдың Мухаддесине арқа сүйейди.
21Аман қалғанлар, Яқыптың урпағының аман қалғанлары,
Күшли Қудайға қайтып келеди.
22Израил, сениң халқың теңиздиң қумындай көп санлы болған болса да,
Тек олардан аман қалғанлары ғана қайтады.
Жоқ қылыныў қарар етилген,
Ол әдиллик пенен иске асырылады.
23Қарар қылынғанындай, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Пүткил жер жүзинде жоқ қылыныўды әмелге асырады.

Ийемиздиң Ассирияны жазалаўы

24Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Ҳәй, Сионда жасап атырған халқым!
Мысырлылардың ислегени сыяқлы,
Ассириялылар сизлерге шоқмар көтерип,
Таяқ пенен урғанда, олардан қорқпаңлар.
25Көп өтпей, Мениң сизлерге деген ғәзебим басылып,
Қәҳәрим ассириялыларды жоқ қылыўға қарай дөнеди.
26Мен, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Мидянларды Ореб жартасында қырғаным сыяқлы,
Оларға қарсы қамшымды көтеремен.
Мысырда қылғаным сыяқлы,
Ҳасамды суўлар үстине созаман.
27Сол күни ассириялылардың жүги еңсеңизден түсип,
Мойынтырығы мойныңыздан алып тасланады.
Күшке толғаныңыз себепли, мойынтырық сындырылады».

28Ассириялылар Айят қаласына жүрис қылды,
Мигронды кесип өтип,
Жүклерин Михмаста қалдырды.
29Қыйын жолдан асып өтип, Гебада түнеди,
Рама қаласы ләрзеге келди,
Гибада жасайтуғын Шаулдың халқы қашып кетти.
30Пәрияд қыл, ҳәй, Галлим қызы!
Қулақ түр, ҳәй, Лайша!
Жуўап бер, ҳәй, Анатот!
31Мадмена халқы қашып кетти,
Гебим турғынлары пана излеп, ушты.
32Бул күни душпанлар Нобта тоқтайды,
Қыз Сионның таўына,
Ерусалимниң төбешигине муш көтереди.

33Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Қорқынышлы күши менен шақаларды кесип,
Саўлатлы ағашларды шаўып таслайды,
Бийик тереклер созылып жерге қулайды.
34Тоғайдағы қалың жерлерди Ол балта менен шаўып таслайды,
Лебанонның қалың тоғайлары да қулайды.
Copyright information for KaaIBT22C