‏ Isaiah 11

Тыныш патшалық

1Ишайдың
Ишай – Даўыт патшаның әкеси.
түбиринен бир путақ өсип шығып,
Оның тамырынан өсип шыққан шақа мийўе береди.
2Жаратқан Ийениң Руўхы:
Даналық ҳәм ақыл-парасат руўхы,
Мәсләҳәт ҳәм күш-қүдирет руўхы,
Жаратқан Ийени билиў ҳәм Оннан қорқыў руўхы,
Оның үстинде болады.
3Ол Жаратқан Ийеден қорқыўдан ләззет алар.
Ол көзи көргенине қарап, ҳүким қылмас,
Қулағы еситкенине қарап, шешим қабылламас.
4Ол жарлыларды әдиллик пенен ҳүким қылып,
Жер бетиндеги кәмбағаллар ушын туўры қарар шығарар.
Бир аўыз сөзи менен дүньяны жазалап,
Деми менен залымды өлтирер.
5Әдиллик Оның белиндеги,
Садықлық Оның белдемесиндеги қайыс болар.

6Сонда қозы қасқыр менен жасар,
Қаплан ылақ пенен жатар,
Баспақ, арыслан ҳәм семиртилген маллар бирге болып,
Кишкене балалар оларды жетеклеп жүрер.
7Сыйыр айыў менен бирге отлар,
Олардың төллери бирге жатар,
Арыслан буға сыяқлы сабан жер.
8Бөпе жылан уясының үстинде ойнар,
Нәресте қолын уўлы жыланның инине тығар.
9Мухаддес таўымның ҳеш бир жеринде,
Зыян келтирилмес, ҳеш ким өлтирилмес.
Себеби теңиз суўға толғаны сыяқлы,
Жер бети де Жаратқан Ийениң билимине толар.

10Сол күни Ишайдан өсип шыққан тамыр халықлар ушын белги болады. Миллетлер Оны излеп келеди, Оның мәканы салтанатлы болады. 11Сол күни Ийемиз Өз халқынан аман қалғанларды қайтарыў ушын екинши рет қолын созады. Ол Ассириядан, Мысырдан, Патрустан, Хабашстаннан, Эламнан, Шынардан
Шынар – бул ески Бабилонияның аты.
, Хаматтан ҳәм теңиздеги атаўлардан оларды қайтарып алып келеди.

12Ол миллетлерге белги етип байрақ көтерип,
Израилдың қуўғын болғанларын топлар.
Яҳуданың тарқалып кеткенлерин,
Жердиң төрт тәрепинен жыйнар.
13Эфрайымның қызғаншақлығы тоқтар,
Яҳуданың душпанлығы жоқ қылынар,
Эфрайым Яҳуданы күнлемес,
Яҳуда Эфрайымға душпанлық етпес.
14Олар батыста филистлерге ҳүжим етер,
Шығыстағы халықларды бирге талар,
Эдомға ҳәм Моабқа қарсы қол көтерер,
Аммонлар бойсынар оларға.
15Мысыр теңизиниң қолтығын,
Бөлеклеп таслар Жаратқан Ийе.
Ол Евфрат дәрьясы үстине қолын созып,
Күйдиретуғын самал жиберер,
Оны жети арнаға бөлер,
Сандал менен өтер адамлар оннан.
16Мысырдан шыққан күни,
Израиллыларға шығыў жолы болғаны киби,
Жаратқан Ийениң халқының Ассирияда аман қалғанлары ушын,
Үлкен бир шығыў жолы болады.
Copyright information for KaaIBT22C