Isaiah 12
Алғыс-мақтаў қосығы
1Сол күни сен былай дейсең: «Жаратқан Ийе! Сени алғыслайман.Сен маған ғәзеплендиң,
Бирақ Өз ғәзебиңди басып,
Мени жубаттың.
2Ҳақыйқаттан да, Қудай мениң қутқарыўшым,
Оған үмит байлайман, енди қорқпайман,
Себеби Жаратқан Ийе болған Қудай мениң күш-қүдиретим,
Ол мени қутқарыўға келди».
3Қутқарылыў булақларынан қуўаныш пенен суў аласызлар.
4Сол күни былай дейсизлер:
«Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдирип,
Оның атын айтып шақырыңлар,
Халықларға Оның ислерин билдирип,
Атының уллылығын жәриялаңлар.
5Жаратқан Ийеге саз шертип, алғыс айтыңлар,
Себеби Ол уллы ислер иследи,
Буны пүткил дүнья билсин!
6Қуўаныштан қышқыр Сион халқы, шадланып бақыр,
Өйткени араңыздағы Израилдың Мухаддеси уллы!»
Copyright information for
KaaIBT22C