‏ Isaiah 13

Бабилонға қарсы пайғамбаршылық

1Амос улы Ийшая көрген аянда Бабилон туўралы айтылған пайғамбаршылық сөз:

2Тақыр төбе басына байрақ тигиң,
Шабыўылшыларға даўыслап бақырың.
Ақсүйеклердиң дәрўазаларына кириўи ушын,
Қол былғап, оларға белги бериң.
3Мен Өзимниң таңлап алғанларыма буйрық бердим.
Ғәзебимди шашыў ушын, жаўынгерлеримди шақырдым.
Мениң жеңисиме қуўанатуғынларды топладым.

4Таўлардағы аламанның бақырысқан даўысын тыңлаң,
Ол сансыз халықтың даўысына мегзер.
Бир жерге жыйналған миллетлердиң,
Яғный патшалықлардың қышқырысқан даўысын тыңлаң!
Әлемниң Жаратқан Ийеси саўашқа ләшкер топламақта!
5Жаратқан Ийе ҳәм Оның ғәзеп қураллары,
Пүткил жерди жоқ қылыў ушын,
Узақ жерлерден, аспанның шетинен киятыр олар.

6Пәрияд етиң! Жаратқан Ийениң ҳүким күни жақын қалды!
Ол келеди Қүдирети күшли Қудайдың апатшылығы киби.
7Сол себепли қолларда дәрман қалмас,
Ҳәр бир адамның руўхы түсер.
8Оларды қорқыныш бийлеп,
Дәрт ҳәм қайғы басар,
Толғақ тутқан ҳаялдай азап шегер,
Бир-бирине ҳайран болып қарар,
Жүзлери оттай лаўлап жанар.

9Мине, Жаратқан Ийениң ҳүким күни киятыр!
Жер жүзин ўайран етип,
Ондағы гүнакарларды жоқ қылыў ушын,
Реҳимсиз, қәҳәрли ҳәм лаўлаған ғәзепке толған.
10Көктеги жулдызлар, олардың топары,
Жарықлық таратпас,
Шыққан қуяш қараўытып,
Ай да нурын шашпас.

11Мен дүньяны жаўызлығы ушын,
Залымларды қылмыслары ушын жазалайман.
Менменлердиң менменлигине шек қояман,
Залымлардың тәкаббирлигин жерге ураман.
12Мен адамларды сап алтыннан да,
Офир алтынынан да сийрек ушырайтуғын қыламан.
13Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийесиниң,
Мениң ғәзебим лаўлаған күни,
Мен көклерди титиретемен,
Қәҳәримнен жер орнынан қозғалар.

14Сонда аңшы қуўған жейрандай,
Шопаны жоқ қойлардай,
Ҳәр бир адам өз халқына қайтар,
Ҳәр бири өз елине қашар.
15Ҳәр бир тутылған адам найзаға шаншылар,
Ҳәр бир қолға түскен адам қылыштан өткерилер.
16Балалары көз алдында мылжа-мылжа қылынар,
Үйлери тоналып, ҳаялларының намысы аяқ асты қылынар.

17Мине, Мен гүмисти қәдирлемейтуғын,
Алтынды сүймейтуғын,
Мидиялыларды оларға қарсы өшегистиремен.
18Олардың оқ жайлары жас жигитлерди өлтирер,
Бөпелерге реҳим етпес,
Балаларға да аяныш пенен қарамас.
19Мен, Қудай патшалықлардың ең салтанатлысы,
Калдейлердиң жарқын мақтанышы болған Бабилонды,
Содом ҳәм Гомора сыяқлы,
Жер менен жексен етемен.
20Ол жерде ҳеш қашан адам жасамас,
Әўладтан-әўладқа мәкан басқан адам болмас,
Көшпели араблар ол жерге шатырын тикпес,
Шопанлар да сүриўин ол жерге жаймас.
21Бирақ жабайы ҳайўанлар ол жерге мәкан басар,
Ол жердеги үйлерди жабайы аңлар ийелер,
Ол жерде үкилер жасар,
Текелер секирип жүрер.
22Қорған қалаларында сыртланлар,
Көркем сарайларында сағаллар улыр.
Бабилонның соңы жақын қалды,
Оның күнлери узақ болмас.
Copyright information for KaaIBT22C