‏ Isaiah 14

Жаратқан Ийениң халқының үйине қайтыўы

1Жаратқан Ийе Яқыптың урпақларына реҳим етер,
Израилды және таңлап алып,
Өзлериниң елине орналастырар.
Жат жерлилер оларға қосылып,
Яқыптың нәсилине биригер.
2Халықлар оларды өз жерлерине алып келер,
Израил халқы болса, оларды басып алып,
Жаратқан Ийениң жеринде қул ҳәм шоры қылар.
Өзлерин тутқын қылғанды тутқын қылып,
Өзлерин езгенлерге ҳүкимдарлық қылар.

3Жаратқан Ийе сизлерди азаптан, қайғыдан ҳәм қуллықтың аўыр жүгинен қутқарған күни, 4Бабилония патшасын мазақ қылып, мына қосықты айтып берерсиз:

«Мине, езиўшиниң ақыры келди!
Тәкаббирлиги тамам болды!
5Жаратқан Ийе залымның таяғын,
Ҳүкимдардың ҳасасын сындырды.
6Ол ғәзепленип, халықларды үзликсиз сабап,
Аяўсыз езип, миллетлерди қәҳәр менен басқарған еди.
7Енди пүткил дүнья тынышлық ҳәм парахатшылық ишинде,
Шадланып қосық айтады.
8Ҳәтте, Лебанонның сәрўи ҳәм кедр ағашлары,
Шадланып, езиўшилер үстинен былай дейди:
„Сен жерге қулағаннан бери,
Ҳеш ким бизди шабыўға келмейди“.

9Сени күтип алыў ушын,
Өлилер мәканы ҳәрекетке келеди.
Сени қарсы алыў ушын,
Ол өлилердиң руўхларын,
Жер жүзиниң барлық басшыларын оятады,
Миллетлердиң барлық патшаларын,
Тахтларынан турғызады.
10Олардың ҳәммеси саған:
„Сен де бизлердей ҳәлсиз болдың,
Бизлерге уқсадың“, – дейди.
11Салтанатың да, арфаңның сести де,
Өлилер мәканына кирди.
Шыбын қуртлары астыңа төселип,
Жаўын қуртлары көрпең болды.

12Ҳәй, жарқын жулдыз, таң улы,
Көклерден қалай қуладың!
Халықларды езип келген сен,
Енди өзиң жерге жығылдың!
13Сен ишиңнен былай дедиң:
„Көклерге көтерилемен,
Тахтымды Қудайдың жулдызларынан,
Жоқарыға қояман.
Қудайлар жыйналатуғын таўда,
Сафон таўында отыраман.
14Бултлардың үстине шығаман,
Өзимди Қудай Тааладай қыламан“.
15Бирақ сен өлилер мәканына,
Туңғыйықтың түбине ылақтырыласаң.

16Сени көргенлер тигилип қарап,
Тәғдириңе ҳайран қалып, былай дейди:
„Жерди тербелтип,
Патшалықларды титиреткен,
17Дүньяны шөлистанға айландырып,
Ондағы қалаларды қыйратқан,
Тутқынларды үйлерине қайтармаған адам усы ма?“
18Миллетлердиң патшалары салтанатлы жерленип,
Ҳәр бири өз қәбиринде жатыр.
19Ал сен керексиз путақ киби,
Қәбириңнен сыртқа ылақтырылдың.
Сен қылыш пенен шабылған,
Таслы туңғыйыққа тасланған,
Өлилер арасында жатырсаң.
Аяқ астында қалған өли денеге уқсайсаң.
20Сен басқа патшалар киби жерленбейсең.
Себеби сен жериңди ўайран еттиң,
Халқыңды қырдың.
Жаўызлық қылғанлардың нәсили ҳасла еске алынбасын!

21Ата-бабалары ислеген айып ушын,
Улларын баўызлаўға таярлаң.
Олар қалып, дүньяны ийелемесин,
Жер бетин өз қалалары менен толтырмасын».

22«Мен оларға қарсы көтерилемен,
– дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, –
Мен Бабилоннан оның атын, тири қалғанларын,
Урпақларын ҳәм келешек әўладын жоқ қыламан,
– дейди Жаратқан Ийе. –
23Мен оны кирпитикенлер ийелигине,
Батпақлыққа айландырып,
Жоқ қылыў сипсеси менен сыпырып таслайман,
– дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».

Ассирияға қарсы пайғамбаршылық

24Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп ант ишти:

«Нени нийет еткен болсам, сол болады,
Қандай қарарға келген болсам, сол әмелге асады.
25Ассириялыларды Өзимниң елимде сындыраман,
Таўларымда оларды аяқ асты қыламан.
Олардың мойынтырығы халқымнан,
Жүклери халқымның ийнинен алып тасланады.
26Пүткил дүнья ушын қабыл етилген қарар бул,
Пүткил миллетлерге созылған қол бул».
27Әлемниң Жаратқан Ийеси қарар етти,
Оны ким бийкар қыла алады?
Ол қолын созды,
Оны ким изге қайтара алады?

Филистлерге қарсы пайғамбаршылық

28Патша Ахаз өлген жылы усы пайғамбаршылық сөз түсти:

29«Өзлериңизди урған таяқ сынды деп,
Шадланбаңлар, ҳәй Филистия!
Себеби жыланның туқымынан қара жылан туўылар,
Жыланның баласы да зәҳәрли жылан болар.
30Жарлының туңғышы тояды,
Мүтәжлер қәўипсизликте болады,
Бирақ сениң туқымыңды ашлықтан қуртаман,
Аман қалғанларыңызды да өлтиремен.
31Пәрияд қыл, ҳәй дәрўаза! Дад сал, ҳәй, қала!
Филистия, қорқыныштан руўхыңыз түссин!
Арқадан шаң-тозаң булты киятыр,
Душпан әскерлери сап тартып киятыр».

32Миллеттиң хабаршыларына не деп жуўап беремиз?
Оларға: «Жаратқан Ийе Сионды қурды,
Халқының жарлылары сол жерден пана табады», – деймиз.
Copyright information for KaaIBT22C