‏ Isaiah 15

Моабқа қарсы пайғамбаршылық

1Моаб туўралы пайғамбаршылық сөз:

Моабтың Ар қаласы,
Бир түнде қарабақанаға айланып,
Моаб жоқ болды!
Моабтың Кир қаласы,
Бир түнде қарабақанаға айланып,
Моаб жоқ болды!
2Дибон халқы жылаў ушын ибадатханаға,
Сыйыныў орынларына шықты.
Моаб халқы Небо ҳәм Медеба ушын жоқлаў айтар,
Ҳәр бири шашын алдырып, сақалын қырқар.
3Көшелерде халық аза кийимин кийер,
Үйдиң төбелеринде, майданларда,
Ҳәмме пәрияд етип, зар еңиреп жылар.
4Хешбон менен Элале бақырып жылар,
Олардың даўысы Яҳасқа дейин еситилер.
Сонлықтан Моабтың әскерлери де зар жылар,
Қорқыныштан жүреклери қалтырар.

5Жүрегим Моаб ушын жылайды,
Қашқынлары Соарға,
Эглат-Шелишияға қашып кетеди.
Олар жылаўы менен Лухит бийиклигине көтерилип,
Хоронайымға баратуғын жолда,
Ўайран болғаны ушын дад салып жылайды.
6Нимрим суўлары қурып, шөплер солады,
Таза шөп көгермеди, ҳасла көк шөп қалмады.
7Жыйнап-терип, сақлаған байлығын,
Олар Арабим сайы арқалы алып кетеди.
8Моаб жери жылаған даўысқа толды,
Олардың еңиреўи Эглайымға,
Наласы Беер-Элимге жетти.
9Дибонның суўлары қанға толған.
Бирақ Мен Дибонның басына,
Буннан бетерин жаўдыраман,
Моабтан қашқанлардың,
Елде қалғанлардың үстине,
Арыслан жиберемен.
Copyright information for KaaIBT22C