‏ Isaiah 16

1Шөл жолы арқалы Селадан,
Қыз Сионның таўына,
Елдиң ҳүкимдарларына,
Қозыларды сыйға жибериң.
2Моаб ҳаяллары уяларынан ылақтырып тасланған,
Қалтырап қанат қаққан қуслардай,
Арнон сайының өткелинде жүреди.

3Олар Яҳуда халқына былай дейди:
«Бизге кеңес бер, қарар қабыл ет,
Күн ортасындағы саяңды,
Түн сыяқлы бизге түсир.
Қуўылғанларды жасыр,
Қашақларды қолға берме.
4Моабтан қуўылғанлар,
Мәкан бассын араңызда,
Қырғын қылыўшылардан,
Жасырынатуғын пана бол!»

Езиўшилер жоқ болғанда,
Ўайраншылық тоқтап,
Таланшылар елден ғайып болар.
5Тахт сүйиспеншилик пенен орнатылар,
Онда садықлық пенен отырар ҳүкимдар,
Ол Даўыттың хожалығынан келип шығар,
Әдалатлықты излер, әдилликти жүзеге асырыўға асығар.

6Моабтың тәкаббирлиги,
Аса менменлиги, даңқпаразлығы,
Көкиреклиги ҳәм сурбетлиги ҳаққында еситтик.
Бирақ олар босқа мақтанады.
7Соның ушын моаблылар зар жыласын,
Ҳәммеси бирге Моаб ушын нала шексин.
Кир-Харесеттиң кишмишлерин қумартып,
Қайғырып, жоқлаў айтың.
8Хешбонның егин майданлары,
Сибманың жүзимзарлары қурып қалды,
Миллетлердиң көсемлери,
Жақсы жүзим ағашлары басқыланды,
Бул ағашлар Язерге жетип,
Шөлге дейин жайылды.
Шақалары узайып,
Теңизден де асқан еди.
9Сонлықтан Сибманың жүзимзарлары ушын,
Язер жылағандай, мен де жылайман.
Хешбон ҳәм Элале!
Сизлерди көз жасым менен суўғараман.
Себеби мийўе пискен ўақыттағы,
Дән орағы ўақтындағы ойын-күлкиңиз тоқтады.
10Шадлық ҳәм қуўаныш бағларды тәрк етти,
Жүзимзарларда ҳеш ким шадланып бақырмайды, қышқырмайды да,
Жүзим сығылатуғын шуқырларда жүзим сығылмайды,
Қуўанышлы шаўқымларға шек қойдым.
11Жүрегим Моаб ушын,
Жаным Кир-Херес ушын лира сыяқлы нала шегеди.
12Егер Моаб өзлериниң сыйыныў орнында пайда болып,
Өзлерин талықтырса да,
Олар дуўа етиў ушын өзлериниң мухаддес орынларына келсе де,
Бул ҳеш қандай пайда бермейди.

13Бул Жаратқан Ийениң Моаб ҳаққында әлле қашан айтқан сөзи еди. 14Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: «Жалланған исшиниң мүддети киби, үш жылдан кейин, Моабтың салтанатының ҳәм көп санлы халқының абырайы төгиледи. Халқының аман қалғанлары жүдә аз ҳәм ҳәлсиз болады».
Copyright information for KaaIBT22C