Isaiah 17
Қудай Арамды ҳәм Израилды жазалайды
1Дамаск туўралы пайғамбаршылық сөз:«Мине, Дамаск енди қала деп саналмас,Ол қарабақанаға айланады.
2Ароер қалалары тәрк етиледи,
Сүриўлер жататуғын жайлаўға айланып,
Оларды үркитетуғын ҳеш ким болмас.
3Эфрайымда қорғанлы қала қалмас,
Дамаскте патшалық болмас,
Арамның аман қалғанлары,
Израилдың салтанаты киби болар,
– дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
4Сол күни Яқыптың даңқы өшер,
Майлы денеси азып-тозар.
5Орақшылардың дәнди жыйнап алғанындай,
Өз қоллары менен масақты терип алғанындай болады.
Ол Рефаим ойпатлығында биреўдиң масақларды жыйнап алғанына уқсайды.
6Зәйтүн ағашының мийўеси қағып алынғаннан соң,
Ең төбесинде еки-үш зәйтүн,
Өнимдар шақасында төрт-бес зәйтүн қалғаны сыяқлы,
Тек бир неше адам ғана аман қалады,
– дейди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе».
7Сол күни халық Жаратқанға нәзерин тигеди,
Көзлери Израилдың Мухаддесин көреди.
8Енди олар өзлери ислеген қурбанлық орынға қарамайды.
Қоллары менен соққан кийели ағашларға,
Түтетки түтетилетуғын орынларға нәзер салмайды.
9Сол күни олардың бекинисли қалалары,
Израиллылардан қашқан хиўлер менен аморлардың,
Тәрк еткен қалалары сыяқлы шөлге айланады.
10Сен өз Қутқарыўшы Қудайыңды умыттың,
Өз Қорғаның болған Жартасты еске алмадың.
Сонлықтан унамлы өсимликлер ексең де,
Басқа жақтан алып келип, жүзим нәллерин отырғызсаң да,
11Оларды еккен күни өсирсең де,
Отырғызып баслаған күни азанда гүллетсең де,
Ҳәстелик ҳәм дәрт күни келгенде,
Жыйнап алар дақыл болмайды.
12Көп миллетлердиң шуўылдысы,
Теңиздиң шуўылдысындай шуўылдайды!
Халықлардың гүўилдиси,
Күшли толқынлар киби гүўилдейди!
13Миллетлер күшли толқынлардың гүўилдиси киби гүўилдесин,
Бирақ Қудай оларды әшкаралағанда,
Төбелерде самал ушырған қаўық киби,
Узақларға қашып кетеди.
Дүбелей ушырған қаңбақтай айланады.
14Кешки ўақыт, мине, қорқыныш!
Азанға таман олар жоқ болып кетеди!
Бизлерди тонағанлардың пайы,
Бизлерди талан-тараж қылғанлардың тәғдири усындай болады.
Copyright information for
KaaIBT22C