Isaiah 18
Қудай Хабашстанды жазалайды
1Хабашстан дәрьяларының арғы жағында жасайтуғын,Қанатларын суўылдататуғын ел, ҳәсирет шегесиз!
2Сол ел қамыстан исленген қайық пенен,
Нил дәрьясы арқалы өз елшилерин жибереди.
Ҳәй, жүйрик хабаршылар!
Жерлери дәрьялар менен бөлинген,
Узын бойлы, тегис терили миллетке,
Жақын-алысқа қорқыў салған халыққа,
Күшли ҳәм басқыншы миллетке қайтыңлар.
3Ҳәй сизлер, пүткил дүнья турғынлары,
Жер бетинде жасаўшылар!
Таў басында урыс жалаўы көтерилсе, қараңлар,
Кәрнай шалынғанда, еситиңлер.
4Жаратқан Ийе маған былай деди:
«Күнниң ҳәўирли ыссысы сыяқлы,
Жыйын-терим ўақтындағы шықлы булт сыяқлы,
Мен Өз мәканымнан тыныш қарап тураман».
5Ҳасыл жыйналмастан алдын,
Гүллеп болып, гүл жүзимге айланғанда,
Ол бағ қайшысы менен путақларды кесип,
Жайылған шақаларды шаўып, ылақтырады.
6Ҳәммеси таўлардағы жыртқыш қусларға,
Жердеги жабайы ҳайўанларға қалады.
Олар жазда жыртқыш қусларға,
Қыста жабайы ҳайўанларға жем болады.
7Сол ўақытта жерлери дәрьялар менен бөлинген,
Узын бойлы, тегис терили миллет,
Жақын-алысқа қорқыў салған халық,
Күшли ҳәм басқыншы миллет,
Әлемниң Жаратқан Ийесине,
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты болған жерге,
Сион таўына саўғалар алып келеди.
Copyright information for
KaaIBT22C