Isaiah 19
Мысыр туўралы пайғамбаршылық
1Мысыр туўралы пайғамбаршылық сөз:Мине, Жаратқан Ийе ушқыр бултқа минип алып,Мысырға келеди.
Оның алдында Мысыр бутлары титирейди,
Мысырлылардың руўхлары түсип кетеди.
2«Мен мысырлыны мысырлыға қарсы көтеремен,
Туўысқан туўысқанға, қоңсы қоңсыға, қала қалаға,
Патшалық патшалыққа қарсы урысады.
3Мысырлылардың руўхы түседи,
Нийетлерин пушқа шығараман.
Олар бутларынан, өли руўхларынан,
Әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан мәсләҳәт сорайды.
4Мен мысырлыларды залым хожайынлардың қолына беремен,
Олардың үстинен реҳимсиз патша ҳүким сүреди»,
– дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5Нилдиң суўы қурып,
Тармақлары тартылып, қурғап қалар.
6Оның каналлары патасланар.
Мысырдағы Нилдиң тармақлары қурып, кеўип қалар,
Жекенлер ҳәм қамыслар ширип кетер.
7Нилдиң жағасындағы басқа өсимликлер,
Нил дөгерегиндеги атызлардағы егинлер қуўрап,
Самал менен ушып, жоқ болар.
8Балықшылар дад салып, зар жылар,
Нилге қармақ салып, күн көрип отырғанлар,
Суўға аў таслағанлар түскинликке түсер.
9Зығырдың қабығына ислеў бериўшилер,
Жақсы зығыр таўар тоқыўшылар уятқа қалар.
10Кийим тоқыўшылар қайғыға батып,
Жалланба жумысшылар түскинликке түсер.
11Соанның хызметкерлери қандай ақылсыз?
Фараонның дана кеңесшилери ақмақ кеңес береди.
Сизлер қалайынша фараонға:
«Мен данышпанның улыман,
Әййемги патшалар нәсилиненмен», – дей аласыз.
12Ҳәй фараон, қәне сол дана адамларың?
Әлемниң Жаратқан Ийеси Мысырға қарсы нени мақсет қылғанын,
Олар саған айтып берсин, билдирсин.
13Соанның хызметкерлери ақылдан адасты!
Ноф ҳүкимдарлары алданды!
Мысырды өз урыў басшылары жолдан адастырды.
14Жаратқан Ийе оларға ақылынан адастырыў руўхын жиберди,
Өз қусығына тайып жығылған мәскүнем қандай болса,
Олар да Мысырды ҳәмме исинде адастырды.
15Бас та, қуйрық та, пальма шақасы да, қамыс та,
Мысыр ушын ҳеш нәрсе қыла алмады.
Мысырлылардың Жаратқан Ийеге бойсыныўы
16Сол күни мысырлылар ҳаял адамға уқсап қалып, Әлемниң Жаратқан Ийеси өзлерине қарсы қол көтермей атырып, қорқып, титиреседи. 17Яҳуда ели мысырлыларға қәўип туўдырады. Яҳуданың аты аталғанда, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Мысырға қарсы шығарған қарарынан ҳәр бир мысырлы қорқатуғын болады. 18Сол күни Мысырда бес қала қанан тилинде сөйлеп, Әлемниң Жаратқан Ийесине садық болыўға ант ишеди. Олардың бири Қуяш қаласы деп аталады. 19Сол күни Мысырдың ортасына Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурылып, елдиң шегарасына Оған арналған естелик тас қойылады. 20Бул Әлемниң Жаратқан Ийеси ушын Мысырда бир белги ҳәм гүўалық болады. Олар езиўшилер себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Жаратқан Ийе мысырлыларға қутқарыўшы жиберип, ғамхорлық қылады ҳәм азат етеди. 21Жаратқан Ийе Өзин мысырлыларға танытады ҳәм сол күни мысырлылар Жаратқан Ийени таныйды. Олар қурбанлықлар ҳәм ғәлле садақалары менен Жаратқан Ийеге сыйынады, Оған ўәделер берип, оларды орынлайды. 22Жаратқан Ийе Мысырды жазалайды ҳәм жазалағаннан кейин Өзи оларға шыпа береди. Мысырлылар Жаратқан Ийеге жүз бурады, Жаратқан Ийе де олардың жалбарыныўларына қулақ салып, оларға шыпа береди. 23Сол күни Мысырдан Ассирияға кең жол ашылады. Ассириялылар Мысырға, мысырлылар Ассирияға барады. Мысырлылар ассириялылар менен бирге сыйынады. 24Сол күни Израил Мысыр менен Ассирия қасындағы үшинши ел болып, олар арқалы дүнья жарылқанады. 25Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Халқым Мысыр, Өз қолымның иси болған Ассирия ҳәм мийрасым Израил жарылқансын», – деп оларға ақ пәтиясын береди.
Copyright information for
KaaIBT22C