‏ Isaiah 2

1Амос улы Ийшаяға Яҳуда ҳәм Ерусалим ҳаққында аян арқалы билдирилген сөз мынаў:

2Ақырғы күнлер келгенде,
Жаратқан Ийениң Үйи қурылған таў,
Барлық таўлардан жоқары болып,
Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болады.
Пүткил миллетлер оған қарай ағылады.
3Көплеген халықлар келип, былай дейди:
«Жүриңлер, Жаратқан Ийениң таўына,
Яқыптың Қудайының Үйине көтерилейик.
Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин,
Бизлер де Оның соқпақларынан жүрейик».
Өйткени Нызам Сионнан,
Жаратқан Ийениң сөзи Ерусалимнен шығады.
4Жаратқан Ийе миллетлер арасында қазылық етип,
Көплеген халықлардың арызын шешеди.
Енди олар қылышларынан пазна,
Найзаларынан орақ соғады.
Миллет миллетке қарсы қылыш көтермейди,
Артық урысыўды да үйренбейди.
5Яқыптың урпақлары,
Келиң, Жаратқан Ийениң нурында жүрейик!

Жаратқан Ийениң күни

6Сен Өз халқыңды, Яқыптың урпақларын тәрк еттиң,
Өйткени олардың иши шығыстың үрп-әдетлерине толы.
Олар филистлер киби пал ашады,
Жат еллилер менен қол қысысады.
7Жери болса, гүмис ҳәм алтынға толы,
Ғәзийнесиниң есап-саны жоқ.
Ели атларға толы,
Арбаларының есап-саны жоқ.
8Олардың жери жалған қудайларға толы,
Олар өз қолларының исине,
Бармақлары менен соққан нәрсеге тәжим етеди.
9Инсан аяқ асты болды,
Ҳәр бири диз шөкти,
Қудай, оларды кеширме!

10Жаратқан Ийениң қорқынышлы қәҳәринен,
Оның салтанатының уллылығынан,
Жартасларға кирип алың,
Топырақ астына жасырының.
11Адамның менмен нәзери төмен қаратылып,
Тәкаббирлиги жерге урылады.
Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
12Әлемниң Жаратқан Ийесиниң бир күни бар,
Сол күни Ол барлық менменлерге,
Тәкаббирлерге ҳәм барлық мақтаншақларға қарсы шығып,
Оларды жерге урады.
13Лебанонның барлық бийик ҳәм асқынлаған кедр ағашларына,
Башанның барлық еменлерине,
14Барлық бийик таўларға,
Барлық бәлент төбешиклерге,
15Ҳәр бир бийик минараға,
Ҳәр бир беккем дийўалға,
16Барлық үлкен саўда кемелерине,
Барлық әжайыбатларға қарсы турылады.
17Адамзаттың менменлиги қулатылып,
Инсан мақтанышы жерге урылады.
Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
18Жалған қудайлар биротала жоқ болады.
19Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда,
Оның қорқынышлы қәҳәринен,
Салтанатының уллылығынан,
Адамлар жартаслардың жарықларына,
Жердиң тесиклерине кирип кетеди.
20Сол күни адамлар өзлери сыйыныў ушын,
Гүмис ҳәм алтыннан ислеген жалған қудайларын,
Гөртышқан ҳәм жарғанатларға таслайды.
21Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда,
Оның қорқынышлы қәҳәринен,
Салтанатының уллылығынан қашып,
Жартаслардың жарықларына,
Таўлардың тесиклерине кириў ушын солай ислейди.
22Деми мурнында болған адамзаттан үмит етиўди тоқтатың!
Ол ким болыпты?
Copyright information for KaaIBT22C