‏ Isaiah 20

Мысыр ҳәм Хабашстан туўралы пайғамбаршылық

1Ассирияның сәркәрдасы Ассирия патшасы Саргонның буйрығы менен Ашдодқа ҳүжим жасап, қаланы қолға киргизген жылы, 2Жаратқан Ийе Амос улы Ийшая арқалы сөйледи. Ол Ийшаяға:

– Барып, үстиңдеги аза кийимди ҳәм аяғыңдағы сандалды шешип тасла, – деди. Ол солай ислеп, жалаңаш ҳәм жалаңаяқ жүрди.

3Сонда Жаратқан Ийе былай деди:

– Қулым Ийшаяның үш жыл жалаңаш ҳәм жалаңаяқ жүргени Мысыр ҳәм Хабашстан ушын белги ҳәм нышан болады.
4Мысырды шерменде қылыў ушын Ассирия патшасы Мысыр тутқынларын, Хабашстаннан сүргин болғанларды, олардың жасын ҳәм ғаррысын жалаңаш, жалаңаяқ, уятлы жерлери ашық ҳалда айдап кетеди. 5Хабашстанға үмит байлап, Мысыр менен мақтанғанлар қорқып, уятқа қалады. 6Сол күни бул теңиз жағасының турғынлары былай дейди: «Қара, Ассирия патшасынан қутылыў ушын жәрдем күтип, үмит байлағанымыз не болды?! Енди бизлер қалай қашып қутыламыз?»
Copyright information for KaaIBT22C