Isaiah 21
Бабилон туўралы пайғамбаршылық
1Теңиз жағасындағы шөл ▼▼ Теңиз жағасындағы шөл – Персия қолтығындағы Бабилонияның қубла бөлеги.
туўралы пайғамбаршылық сөз:Қубладан дүбелейлердиң дүбегени киби,Басқыншы да шөлден, қорқынышлы журттан келеди.
2Маған бир қорқынышлы аян түсти:
Сатқан сатады, талаўшы талайды.
Ҳүжим ет, Элам! Қамал қыл, Мидия!
Ол себепли болған налаларды ақырына жеткеремен.
3Сол себепли белим шаншып,
Туўатуғын ҳаялдың толғағы киби,
Толғақ тутты мени.
Еситкенлеримнен еки бүгилип,
Көргенлеримнен қорқынышқа түстим.
4Жүрегим ҳәўлирип, қорқыныш бийлеп алды мени,
Ымырт жабылыўын күткен едим,
Бирақ ол мени қорқынышқа салды.
5Гилемлер төселип, дастурхан жайылып,
Жеп ҳәм ишип атыр екен.
Турыңлар, әскербасылар, қалқанларыңызды майлаңлар!
6Ийе маған былай деди:
«Барып, гүзетши қой, көргенин айтсын.
7Ол саўаш арбаларын, қос ат жегилген арбаға мингенлерди,
Ешекке, түйеге мингенлерди көрсе,
Оларға муқыятлы түрде дыққат қойсын!»
8Гүзетши былай деп бақырды:
«Мырзам, күн бойы мен минарада тураман,
Түнде де өз орнымда нәўбетшиликте боламан.
9Әне, олар қос ат жегилген саўаш арбада киятыр».
Кейин гүзетши бақырып хабарлады:
«Қулады Бабилон, қулады!
Оның қудайларының барлық мүсинлери,
Қыйрап жерде жатыр».
10Қырманда бийдай киби женшилген халқым!
Әлемниң Жаратқан Ийесинен, Израилдың Қудайынан,
Еситкенлеримди сизлерге аян қылдым.
Эдом туўралы пайғамбаршылық
11Дума ▼▼ Дума – еврейше «жым-жыртлық» дегенди билдиреди, бирақ бул жерде жеке ат сыпатында қолланылып, арқа Арабия ямаса эдом халқын билдириўи мүмкин.
туўралы пайғамбаршылық сөз:Биреў мени Сеирден шақырады:«Гүзетши, таң атыўға қанша қалды?
Гүзетши, қашан түн тамам болады?»
12Гүзетши былай дейди:
«Таң атады, бирақ және түн қайтып келеди,
Егер сорағыңыз келсе, қайтып келип сорай бериң».
Арабстан туўралы пайғамбаршылық
13Арабстан туўралы пайғамбаршылық сөз:Деданлылардың кәрўанлары!Арабстан тоғайларында түнейсизлер.
14Тема жериниң турғынлары!
Шөллегенге суў бериңлер,
Қашқынларға аўқат бериңлер.
15Олар қылыштан, жалаңашланған қылыштан,
Керилген оқ жайдан, ғыжлаған урыстан қашып келеди.
16Ийе маған былай деди: «Бир жылдан кейин, жалланған исшиниң мүддети киби, Кедардың пүткил салтанаты ақырына жетеди. 17Кедардың сарыжайшы жаўынгерлеринен азғантайы ғана аман қалады». Буны Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе айтты.
Copyright information for
KaaIBT22C