Isaiah 22
Ерусалим туўралы пайғамбаршылық
1Аян ойпатлығы туўралы пайғамбаршылық сөз:Не болды сизлерге?Неге ҳәммеңиз үшеклерге шығып алдыңыз?
2Ҳәй, шаўқым-сүренге толы,
Ғалмағаллы ҳәм шадлы қала!
Өлгенлериңиз қылыштан да өлмеди,
Саўашта да өлмеди.
3Ҳүкимдарларың биргеликте қашып кетти,
Бирақ оқ жайларынан бир оқ атпай-ақ тутқынға түсти.
Олар узаққа қашып кеткен еди,
Табылғанлардың ҳәммеси тутқынға алынды.
4Сонда мен былай дедим:
«Мени жалғыз қалдырың, өкирип жылап алайын.
Халқымның қырғынға ушырағаны ушын,
Тәселле бермең маған».
5Себеби Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң,
Аян ойпатлығында ғаўғалы,
Зорлық-зомбылыққа толы ҳәм ала-сапыран күни болады.
Сол күни дийўаллар қулап,
Жәрдем сораған даўыслар таўларды жаңғыртады.
6Элам оқ жай ҳәм оғын алып,
Саўаш арбалары ҳәм атлылары менен келди.
Кир әскерлери қалқанларын таярлады.
7Сениң сайланды ойпатлықларың саўаш арбаларына толды,
Атлылар қала дәрўазасы жанында сап тартып тур.
8Жаратқан Ийе Яҳуданың бекинислерин күл-талқан қылды.
Сол күни «Лебанон тоғайы» деп аталатуғын имараттағы,
Қурал-жараққа үмит етип қарадыңыз.
9Сизлер Даўыттың қаласының дийўалларында,
Көп жарықларды көрдиңиз.
Төменги ҳәўизге суў сақлап қойдыңыз.
10Сизлер Ерусалимдеги үйлерди қарап шығып,
Дийўалды питеў ушын, үйлерди буздыңыз.
11Ески ҳәўиздиң суўлары ушын,
Еки дийўал арасына суў сақлағыш қурдыңыз.
Бирақ буны Кимниң ойлап қойғанына нәзер салмадыңыз,
Буны Кимниң әзелден жоба қылғанына итибар бермедиңиз.
12Сол күни Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Жылап, аза тутыўға,
Шашларыңызды алдырып, аза кийим кийиўге шақырды.
13Бирақ сизлер: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық,
Себеби ертең өлемиз-ғо», – деп,
Өгиз сойып, қой шалып,
Гөш жеп, шарап ишип,
Кейпи-сапа қурып атырсыз.
14Сонда Әлемниң Жаратқан Ийеси қулағыма:
«Бул гүна өлгениңизше кеширилмейди», – деди.
Буны Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси айтты.
Шебнаға ескертиў
15Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Қәне, патшаның оң қолы болған, сарай басқарыўшысы сол Шебнаға барып, былай деп айт: 16„Бул жерде не жумысың бар? Өзиңе қәбир оятуғындай, бул жерде кимиң бар? Жоқарыда өзиңе қәбир қазып, жартасқа жасаў ушын үңгир ойыпсаң. 17Ҳәй, күшли адам! Жаратқан Ийе сени ылақтырып жибереди. Ол сени беккем услап алып, 18айландырып-айландырып, топ киби кең бир елге ылақтырып жибереди. Сен сол жерде өлесең. Әжайып саўаш арбаларың сол жерде қалады ҳәм сен мырзаңның үйин шерменде қыласаң. 19Мен сени өз лаўазымыңнан түсирип, орныңнан алып таслайман. 20Сол күни Мен қулым Хилкия улы Элякимди шақыраман. 21Сениң кийимлериңди оған кийгизип, белине белбеўиңди байлайман ҳәм ҳәкимшилигиңди оған беремен. Ол Ерусалим турғынларының ҳәм Яҳуда халқының әкеси болады. 22Даўыттың үйиниң гилтин оның мойнына асаман. Оның ашқанын ҳеш ким жаба алмайды, оның жапқанын ҳеш ким аша алмайды. 23Мен оны қатты жерге қағылған қазықтай етип қағаман. Ол өз нәсили ушын салтанат тахты болады. 24Оның хожалығының пүткил абырайы: оның урпақлары ҳәм шақалары – оның кеседен гүзеге шекемги барлық ыдыслары оған жүкленеди. 25Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – қатты жерге қағылған қазық босап, суўырылып, қулап түседи. Оған илинген барлық жүк те алып тасланады. Буны Жаратқан Ийе айтты“».
Copyright information for
KaaIBT22C