‏ Isaiah 23

Тир туўралы пайғамбаршылық

1Тир туўралы пайғамбаршылық сөз:

Үлкен саўда кемелери, жылаңлар!
Тир қаласы ўайран болды,
Үйсиз, баспанасыз қалды.
Киттим жерлеринен оларға хабар келди.
2Теңизден жүзип өткенлер арқалы байыған,
Атаў халқы ҳәм Сидон саўдагерлери, үндемең!
3Мол суў жолы арқалы,
Шихордың дәни, Нилдиң зүрәәти пайдаңыз еди.
Миллетлердиң саўда орайы едиңиз.

4Уял, ҳәй Сидон, теңиз жағасындағы қорған!
Теңиз саған былай дейди:
«Толғақ та тутпады, туўмадым да,
Ул да тәрбияламадым, қыз да өсирмедим».

5Хабар Мысырға жеткенде,
Тир ҳаққындағы хабардан Мысыр қорқып, қайғыға түседи.
6Таршишке қарай жүзиң,
Ҳәй, атаў турғынлары, пәрияд етиң!
7Ҳаслында әзелден бар болған,
Узақ үлкелерге аяғы жетип, қоныс басқан,
Шадлыққа бөленген қалаңыз усы ма?

8Патшаларға таж кийдиретуғын,
Тирге қарсы бул исти ким белгиледи?
Саўдагерлери ҳүкимдарлар болып,
Олар дүньяның абырайлы адамлары еди.
9Менменлигиниң негизи болған пүткил даңқ-атағын хорлаў,
Дүньяның барлық абырайлы адамларын жер қылыў ушын,
Әлемниң Жаратқан Ийеси усылай қарар шығарды.

10Ҳәй, қыз Таршиш!
Нил сыяқлы елиңди кесип өт,
Ол жерде енди жағыс болмайды.
11Жаратқан Ийе қолын теңиз үстине созып,
Патшалықларды титиретти.
Қанан қорғанларын қыйратыўды буйырды.
12Ол былай деди:
«Ҳәй, езилген пәк қыз Сидон!
Сен енди йошланбайсаң.
Тур, Киттимге бар,
Ол жерде де рәҳәт көрмейсең».

13Калдейлердиң жерине қара!
Бул халық жоқ енди.
Ассириялылар оны жабайы ҳайўанларға берди.
Олар қалаға қарсы ағаш минара тиклеп,
Сарайларын қыйратты,
Қаланы қарабақанаға айландырды.
14Жылаңлар, үлкен саўда кемелери,
Қорғаныңыз ўайран болды!

15Сол күннен баслап Тир жетпис жылға, бир патшаның өмириндей ўақытқа умытылады. Усы жетпис жыл тамамланғанда, бузық ҳаял ҳаққында айтылған мына қосықтағылар Тирдиң басына түседи:

16«Ҳәй, умытылған бузық ҳаял!
Лира алып, қаланы айлан,
Жақсы нама шертип, бир қанша қосықлар айт,
Бәлким, сени еслеп қалар».

17Жетпис жылдан соң, Жаратқан Ийе Тирге жақсылық қылады. Қала өз саўдасына қайтып, жер бетиндеги барлық патшалықлар менен бузықшылық қылады. 18Бирақ оның саўдадан ҳәм хызметтен алған дәраматлары Жаратқан Ийеге бағышланады. Дәраматлар сақланбайды да, жыйналмайды да. Саўдадан алынғанлар тойғанша жеў, сулыў кийиниў ушын Жаратқан Ийениң дәргайында жасайтуғынларға бериледи.
Copyright information for KaaIBT22C