‏ Isaiah 24

Жаратқан Ийе жер бетин жазалайды

1Мине, Жаратқан Ийе дүньяны ўайран етип, қарабақанаға айландырады,
Жер бетин күл-талқан етип, турғынларын тарқатып жибереди.
2Халыққа не болса, руўханийге де сол болады.
Қулға не болса, хожайынға да сол болады.
Шорыға не болса, бийкеге де сол болады.
Қарыйдарға не болса, сатыўшыға да сол болады.
Қарыз алыўшыға не болса, қарыз бериўшиге де сол болады.
Қарыздарға не болса, пайда алыўшыға да сол болады.
3Жер бети толық ўайран етилип, толық талан-тараж қылынады.
Бул сөзди Жаратқан Ийе айтты.

4Жер жүзи кеўип, қурғап қалады,
Дүнья сөнип, солыйды,
Дүньядағы күшлилер күштен талады.
5Дүньяда жасайтуғынлар жерди ҳарамлады,
Олар нызамларға бойсынбады, қағыйдаларды аяқ асты қылды,
Мәңгилик келисимди бузды.
6Сол себепли дүньяға нәлет жаўады,
Турғынлары гүнасының жазасына тартылады.
Жер бетинде жасаўшылар отқа жағылып,
Тек азғантай адам қалады.
7Таза шарап азаяды, жүзим путалары солыйды,
Шадланып жүриўшилер аҳ урады.
8Дәптиң шадлы ҳаўазы басылды,
Қуўанғанлардың сести тынды,
Лираның шадлы ҳаўазы да сөнди.
9Енди қосық айтып шарап ишпес,
Өткир ишимлик дәми де ишкенлерге ашшы түйилер.
10Ўайран болған қала қарабақанаға айланған,
Ҳәр бир үй жабылған, ҳеш ким кире алмас.
11Көшелерде шарап ушын нала шегер,
Шадлық қайғыға айланған,
Қуўаныш жер бетин тәрк етти.
12Қала қарабақанаға айланған,
Қала дәрўазалары күл-талқан болған.
13Зәйтүн ағашы қағылғанда,
Яки жүзим жыйнап алынғаннан кейин,
Қалған мийўелерге не болса,
Дүньядағы миллетлерге де сол болады.

14Аман қалғанлар даўысларын көтерип,
Шадланып бақырады.
Жаратқан Ийениң уллылығын айтып,
Батыстан бақырады.
15Сонлықтан шығыста Жаратқан Ийени,
Теңиз жағасында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атын даңққа бөлең.
16Жердиң шетинен алғыс-мақтаў қосықларын еситемиз:
«Әдил Болғанға даңқ-атақ болсын!»
Бирақ мен былай дедим:
«Қурып қалдым, қурып қалдым!
Сорым қурыйды!
Сатқынлар сатқынлық қылмақта,
Сатқынлығы шексиз олардың».
17Ҳәй дүньяда жасаўшылар!
Қорқыў, шуқыр ҳәм дузақ басыңызға түседи.
18Сонда қорқыў даўысынан қашқан шуқырға түседи,
Шуқырдан шыққан дузаққа түседи.
Аспан қақпақлары ашылып,
Жердиң тийкары титирейди.
19Жер бөлек-бөлек болып,
Майдаланып кетеди,
Ол күшли силкинеди.
20Жер мәс адамдай сүрнигеди,
Даўылдағы шертектей шайқалады,
Қылмыслары оған аўыр жүк болады,
Жығылады, қайтып тура алмайды.

21Сол күни Жаратқан Ийе жоқарыдағы, көклердеги күшлерди,
Жердеги дүнья патшаларын жазалайды.
22Олар зиндандағы тутқынлар киби, бир жерге жыйналып,
Зинданға қамалады ҳәм бир қанша ўақыттан кейин, жазаланады.
23Сонда ай уялып, қуяш шерменде болады.
Әлемниң Жаратқан Ийеси Сион таўында,
Ерусалимде патшалық етип,
Халық ақсақаллары алдында Өз салтанатын көрсетеди.
Copyright information for KaaIBT22C