‏ Isaiah 25

Алғыс-мақтаў қосығы

1Жаратқан Ийе, Сен мениң Қудайымсаң!
Сени уллылайман, атыңа алғыс айтаман.
Себеби Сен әжайып ислер қылдың,
Әзелден дүзген режелериңди,
Садықлық ҳәм исеним менен жүзеге асырдың.
2Сен қаланы тас үйиндисине,
Қорған қаланы қарабақанаға айландырдың.
Жат жерлилердиң сарайы болған қаланы жоқ қылдың,
Ол енди ҳеш қашан қайта қурылмас.
3Сонлықтан күшли халықлар даңққа бөлер Сени,
Реҳимсиз халықлар қорқар Сеннен.
4Сен жарлыларға,
Апатқа ушырағанда, кәмбағалларға пана болдың.
Боранда баспана, жәзийрамада сая болдың.
Реҳимсизлердиң қәҳәрли деми, дийўалға урылған даўылға,
5Қурғақ жердеги ыссыға уқсар.
Сен жат жерлилердиң шаўқымын,
Ыссыны булт саясы менен бастырғандай бастырдың,
Реҳимсизлердиң қосығы да сөнди.

Қудай таярлаған зыяпат

6Сион таўында Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Пүткил халықлар ушын мол тағамлы,
Жыллаған шараплы, майлы жиликли,
Тазартылған шараплы зыяпат береди.
7Бул таўда Ол барлық халықларға жабылған пәренжелерди,
Барлық миллетлерге жабылған жапқышларды жоқ қылады.
8Ол өлимди мәңгиге жутып жибереди.
Қудай Ийе ҳәммениң көз жасын сүртип қояды,
Өз халқының шерменделигин пүткил жер жүзинен алып таслайды.
Буны Жаратқан Ийе айтты.

9Сол күни адамлар былай дейди:
«Мине, бизлердиң Қудайымыз,
Оған үмит байлаған едик, бизди қутқарды,
Бул – биз үмит байлап күткен Жаратқан Ийе,
Оның қутқарғанына қуўанып, шадланайық».
10Жаратқан Ийениң қолы Сион таўын қорғайды,
Дәрис тасланған шуқырда сабанның езилгени киби,
Моаб та өз елинде аяқ асты болады.
11Жүзиўши қолын жүзиў ушын сермегени сыяқлы,
Моаб та дәрис ишинде қолларын сермейди.
Бирақ қанша ҳәрекет етсе де,
Жаратқан Ийе оның менменлигин басып қояды.
12Бийик ҳәм беккем дийўалларын жығып, қулатып,
Жер менен жексен қылады.
Copyright information for KaaIBT22C