Isaiah 26
Алғыс-мақтаў жыры
1Сол күни Яҳуда жеринде мына жыр айтылады:«Бизде күшли қала бар!Қудайымыздың қутқарыўы,
Дийўаллар менен қорғанлар сыяқлы оны қорғайды.
2Дәрўазаларды ашыңлар!
Садықлықты сақлаған әдил миллет ишке кирсин.
3Саған үмит артқаны ушын,
Пикирин Саған бағышлағанды,
Толық тынышлықта сақлайсаң.
4Жаратқан Ийеге мәңгиге үмит байла,
Өйткени Ол мәңгилик сүйеўши жартас.
5Ол тәкаббирлерди жерге урар,
Бийик қаланы қулатар,
Жер менен жексен қылып, топыраққа айландырар.
6Ол қала аяқ асты болып,
Жарлылардың аяғы,
Кәмбағаллардың табаны менен басқыланар».
7Әдилдиң жолы тегис,
Ҳақ Болған, Сен әдилдиң соқпағын дүзиў қыласаң.
8Жаратқан Ийе! Ҳүкимлериңе әмел қылып,
Сени күтемиз.
Атыңды ҳәм Сени есте сақлаў жүрегимиздиң тилеги.
9Түнде жаным Сени аңсайды,
Ишимдеги руўхым Сени излейди.
Жерде ҳүким жүргизгениңде,
Дүньяда жасаўшылар әдилликти үйренеди.
10Залымға реҳим көрсетилсе де,
Олар әдилликти үйренбес.
Ҳәтте, ҳақыйқатшыллардың жеринде наҳақлық етер.
Жаратқан Ийениң уллылығын көрмес.
11Жаратқан Ийе, қолың көтерилген,
Бирақ олар көрмес.
Олар Сениң халқыңа деген ықласыңды көрип, уялсын.
Душпанларыңа нийетлеген от оларды жалмасын.
12Жаратқан Ийе! Сен бизлерге тынышлық бересең.
Ислеген барлық ислеримизди бизлер ушын жүзеге асырған Сенсең.
13Қудайымыз Жаратқан Ийе,
Сеннен басқа ийелер бизлерге ҳүкимдарлық қылды.
Бирақ бизлер тек Сениң атыңды ҳүрмет етемиз.
14Сол ийелер дүньядан өтти,
Өлилердиң руўхлары енди орнынан турмайды.
Сен оларды жазалап, жоқ қылдың,
Енди оларды ҳеш ким ядқа алмас.
15Жаратқан Ийе, сен миллетимизди көбейттиң,
Миллетимизди көбейтип, даңққа еристиң,
Елимиздиң шегарасын кеңейттиң.
16Жаратқан Ийе, халқымыз қайғы ишинде Сени изледи.
Сен оларды жазалағанда,
Сыбырлап зорға дуўа етти.
17Жаратқан Ийе, бизлер де Сениң алдыңда,
Ҳәмиледар ҳаялдың толғақ азабынан қыйналып,
Бақырғаны сыяқлы қыйналдық.
18Бизлер ҳәмиледар болып, толғаттық,
Бирақ самалдан басқа ҳеш нәрсе туўмадық.
Жер бетине қутқарылыў алып келмедик,
Әўладларды да дүньяға келтирмедик.
19Бирақ өлилериң жасар, денелер тирилер.
Ҳәй, топырақ астында жатырғанлар,
Ояның, шадланып бақырың!
Себеби Жаратқан Ийениң шығы таң шығына мегзер,
Жер өлилерди жасаў ушын шығарар.
20Келиң, ҳәй халқым, бөлмелериңизге кирип,
Иштен қапыны жаўып алың!
Оның ғәзеби өтип кеткенше, аз-маз жасырынып турың.
21Мине, дүнья турғынларын ислеген айыбына бола жазалаў ушын,
Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып киятыр.
Жер өзине төгилген қанды әшкара етер,
Өлтирилгенлерди артық жасырмас.
Copyright information for
KaaIBT22C