‏ Isaiah 27

Израилдың қутқарылыўы

1Сол күни Жаратқан Ийе ғәзепли, уллы ҳәм қүдиретли қылышы менен,
Қашып баратырған, ийреңлеген жыланды, Лиўятанды
Лиўятан – теңизде жасайтуғын үлкен мақлуқ.
жазалайды.
Ол теңиздеги усы айдарҳаны өлтиреди.

2Сол күни әжайып жүзимзар туўралы қосық айтың:
3«Мен, Жаратқан Ийе оның қараўылыман,
Бәрқулла оны суўғарып,
Ҳеш ким зыян тийгизбесин деп,
Күни-түни оны қараўыллайман.
4Мен ғәзепленбеймен.
Егер тикен ҳәм жантақлар Маған қарсы шықса,
Мен олар менен урысып,
Оларды толық жағып жиберемен.
5Ямаса олар Меннен пана излеп келсин,
Мениң менен келисим дүзсин,
Аўа, Мениң менен келисим дүзсин».

6Келешекте Яқыптың урпағы тамыр жаяды,
Израил бүртик жарып, гүллейди,
Жер бетин мийўеге толтырады.

7Жаратқан Ийе израиллыларды,
Оларды жазалағанларды жазалағандай етип жазалады ма?
Ямаса израиллыларды,
Оларды өлтиргенлерди өлтиргендей етип өлтирди ме?
8Жаратқан Ийе оларды ҳүким етти,
Қуўып, сүргин қылды.
Оларды шығыс самалы киби,
Ғәзепли деми менен қуўып шығарды.
9Солай етип, Яқыптың урпақларының айыбы алып тасланып,
Гүнасының өтелиўиниң мийўеси мынаў болады:
Қурбанлық орынның барлық тасларын,
Ҳәк таслары киби сындырғанда,
Кийели ағашлар да,
Түтетки түтетилетуғын орынлар да қалмайды.
10Қорған қала қаңырап босап,
Шөлге уқсап тәрк етилип,
Тасланды журтқа айланады.
Ол жерде баспақлар отлайды,
Ағаш шақаларын сып-сыйдам етип, сол жерде жатады.
11Шақалары қуўрап сынады,
Ҳаяллар келип, оларды жағады.
Бул халық ес-ақылынан айырылған,
Сонлықтан Жаратқаны да оларға реҳим етпес,
Жаратыўшысы да оларға меҳир көрсетпес.

12Сол күни Жаратқан Ийе Евфрат дәрьясынан Мысыр шегарасындағы сайға дейин дәнди қаўығынан айырып, Израил халқын бирме-бир жыйнап алады. 13Сол күни уллы кәрнай шалынады. Ассирияда жоқ болғанлар ҳәм Мысырға сүргин етилгенлер келип, Ерусалимдеги мухаддес таўда Жаратқан Ийеге сыйынады.
Copyright information for KaaIBT22C