Isaiah 28
Эфрайымның ҳәсирет шегиўи
1Эфрайым мәскүнемлериниң мақтанған тажы,Өнимдар ойпатлықтың ең жақсы жериндеги шарапқа тойғанлардың қаласы,
Ҳәсирет шегеди!
Оның салтанатлы гөззаллығы, солып атырған гүлге мегзейди.
2Мине, Ийениң қүдиретли ҳәм күшли адамы бар,
Ол буршақлы даўылдай, қыйратыўшы қуйындай,
Зуўлаған топан суўы киби,
Өз қолы менен қаланы жерге қулатады.
3Эфрайым мәскүнемлериниң мақтанышы болған тажы,
Аяқ астында қалады.
4Өнимдар ойпатлықтың ең жақсы жеринде жайласқан,
Салтанатлы гөззаллығы солып баратырған гүл,
Ерте пискен әнжир киби болады.
Оны көрген, дәрриў үзип алып, жеп қояды.
5Сол күни Әлемниң Жаратқан Ийеси халқынан аман қалғанлар ушын салтанат тажы, гөззаллық шеңбери болады. 6Ол ҳүким гүрсисинде отырғанлар ушын әдалатлық руўхы, дәрўазаны душпаннан қорғағанлар ушын мәдет болады.
Ийшаяның ескертиўи
7Мыналар да шарап ишип тентиреклеп, өткир ишимлик ишип теңселип жүреди: руўханийлер ҳәм пайғамбарлар өткир ишимлик ишип тентиреклеп, шарап ишип естен айырылды. Олар өткир ишимликтен теңселип, аян көргенде шатастырады, шешим қабыллағанда алжасады. 8Пүткил дастурханлары қусыққа толған, ҳеш бир таза жери қалмайды. 9Олар былай дейди: «Қудай кимге билим үйретпекши? Хабарды кимге түсиндирмекши? Енди емшектен шыққанларға ма ямаса жақында емиўди тоқтатқанларға ма? 10„Ба-ба-ба, да-да-да“, – деп, олай-булай быдырлайды». 11Енди Жаратқан Ийе бул халыққа шет еллилердиң аўзы менен, түсиниксиз тиллерде сөйлейди. 12Бурын оларға: «Бул – тынышлық жери, шаршағанлар дем алсын. Бул – дем алыў орны», – деген еди. Бирақ олар тыңламады. 13Жаратқан Ийениң сөзи олар ушын: «„Ба-ба-ба, да-да-да“, – деп, олай-булай быдырлаў» болды. Солай етип, олар кетип, шалқасына қулап жарақатланады, дузаққа түсип, алып кетиледи. 14Сонлықтан, Ерусалимде бул халыққа ҳүкимдарлық етип отырған сурбетлер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! 15Сизлер: «Бизлер өлим менен келисим дүздик, өлилер мәканы менен питим дүздик. Апатшылық келсе, бизге тиймей, өтип кетеди. Себеби бизлер өтирикти пана, жалғанды жасырынатуғын орын қылып алғанбыз», – дейсизлер. 16Соның ушын Қудай Ийе былай дейди: «Мине, Мен Сионға тийкар тасын, сыналған тасты, қымбатбаҳа мүйеш тасын, исенимли тийкар қояман. Оған исенгенлер ҳеш қашан қәўетерге түспейди. 17Мен әдилликти өлшеў жиби, әдалатлықты тәрези қыламан. Буршақ жаўып, өтириктиң панасын сыпырып алып кетеди, жасырынған орныңызды сел басады. 18Сизлердиң өлим менен дүзген келисимиңиз бузылады, өлилер мәканы менен дүзген питимиңиз өз күшин жойтады. Уллы апат келгенде, жер менен жексен боласыз. 19Апат ҳәр келгенинде, сизлерди сыпырып алып кетеди. Ол ҳәр күни азанда, күндиз-түни келеди». Бул хабарды түсингениңизде, сизлердиң ҳүрейиңиз ушады. 20Созылыўға төсегиңиз дым қысқа, ораныўға көрпеңиз дым енсиз болады. 21Жаратқан Ийе Перасим таўындағы сыяқлы ▼ қозғалажақ, Гибон ойпатлығындағы сыяқлы ▼ ғәзепке минежақ. Ол Өз исин, әдеттен тыс исин, Өз ҳәрекетин, таң қаларлық ҳәрекетин жүзеге асырады. 22Егер кисенлериң және де беккемирек болмасын десеңиз, буннан былай сурбетликти тоқтатың. Пүткил дүньяны жоқ қылыўды шешкени туўралы Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийесинен еситтим. 23Қулақ түрип, даўысымды еситиң, дыққат қойып, сөзимди тыңлаң! 24Дийхан егин егиў ушын тек жер айдай бере ме? Ямаса тек кесек езип, малалай бере ме? 25Ол жерди тегислеп болып, анис егип, зире сеппей ме? Бийдайды қатарлап, арпаны өз танабына, жазлық бийдайды шетине айландырып егип тасламай ма? 26Қудайы оған нәсият берип, усындай тәртипке үйретеди. 27Анис түйекке айдалмайды, зире арбаның дөңгелеги менен басылмайды. Анис таяқ пенен, ал зире шыбық пенен сабаланады. 28Нанға арналған бийдай түйекленеди, бирақ ол мәңгиге езиле бермейди. Арбаның дөңгелеги менен үстинен түйекти айдаса да, атлар бийдайды майдалап езип тасламайды. 29Бул да Әлемниң Жаратқан Ийесинен берилген. Оның мәсләҳәти әжайып, даналығы уллы.
Copyright information for
KaaIBT22C