Isaiah 29
Ерусалимниң ҳәсирети
1Даўыттың мәкан басқан қаласы Ариел ▼▼ Ариел – мәниси анық емес. Бул атама бул жерде Ерусалимдеги Сион таўының титулын билдиреди.
, Ариел, ҳәсирет шегесең!Жылға жыл қос, байрамларың даўам ете берсин.
2Мен Ариелге азап шектиремен.
Ол жылап, пәрияд етеди,
Мен ушын қурбанлық ошағы киби болады.
3Сени айланып, орда қураман,
Ләшкерлерди орнатып, қамал қыламан.
Қарсыңа минаралар тиклеймен.
4Сен қулатылып, жердиң астынан сөйлейсең,
Сөзлериң топырақ ишинен еситиледи,
Даўысың әрўақ даўысындай болып, жерден шығады,
Сөзлериң топырақтан сыбырлап еситиледи.
5Бирақ сансыз душпанларың орпаң шаңғыт киби,
Реҳимсиз сансыз ләшкерлер суўырылған қаўық киби ушып кетеди.
Тосаттан, бир мәўритте,
6Әлемниң Жаратқан Ийеси гүлдирмама,
Жер қозғалыўы, уллы шаўқым,
Боран, даўыл ҳәм жалмайтуғын от жалыны менен келеди.
7Ариелге қарсы урысқан барлық миллетлер,
Оған ҳәм оның қорғанлы қалаларына ҳүжим қылып,
Оны езгенлер,
Түндеги түс киби, түнги көринис киби болады.
8Аш адам түсинде аўқат жесе де,
Оянғанда аш болады,
Түсинде суў ишкен адамның да,
Оңында шөли басылмайды.
Сион таўына қарсы урысқан,
Ҳәмме миллетлердиң сансыз ордасы да усы аўҳалға түседи.
9Ҳайран болып, таң қалың,
Өзиңизди гөр қылың, соқыр болың,
Мәс болың, бирақ шараптан емес,
Сүрнигиң, бирақ өткир ишимликтен емес.
10Жаратқан Ийе сизлерге терең уйқы берди,
Көзлериңизди жаўып қойды, ҳәй, пайғамбарлар,
Басларыңызды орап қойды, ҳәй, ўәлийлер.
11Бул аянлардың ҳәммеси сизлер ушын мөрленген орама қағаздағы сөзлердей болып қалды. Егер оқып билетуғын адамға орама қағазды берип: «Мынаны оқып бер», – десеңиз, ол: «Оқый алмайман, бул мөрленген-ғо», – дейди. 12Егер орама қағазды оқып билмейтуғын адамға берип: «Мынаны оқып бер», – десең, ол: «Мен оқый алмайман», – деп жуўап береди. 13Ийемиз былай дейди:
«Бул халық тек сөзи менен Маған жақынлап,
Тек аўзы менен Мени сыйлайды.
Бирақ жүреги Меннен алыс.
Адам ойлап тапқан парызлар арқалы Маған сыйынады.
14Сонлықтан Мен бул халықтың арасында және бир қүдиретли ис,
Таң қаларлық қүдиретли ис ислеймен.
Даналары даналықтан маҳрум болады,
Ақыллылары ақылынан айырылады».
15Өз нийетлерин Жаратқан Ийеден жасырыўға тырысып,
Ислерин қараңғылықта қылып атырғанлар, ҳәсирет шегеди!
Олар: «Бизди ким көреди, ким бизди биледи?» – дейди.
16Сизлер ҳәммесин надурыс түсинип атырсыз!
Гүлалшыны ылай менен теңлестирип бола ма?
Исленген зат өзин ислегенге:
«Ол мени ислемеди», – дей ме?
Пишими келтирилген зат өзиниң пишимин ислеп шыққанға:
«Ол ҳеш нәрсени түсинбейди», – деп айта ма?
17Тез арада әжайып Лебанон бир жыңғыллыққа,
Ал жыңғыллық болған жерлер әжайып тоғайға айланбай ма?
18Сол күни гереңлер орама қағаздың сөзлерин еситер,
Қойыў қараңғылық ишинде соқырлардың көзлери көрер.
19Езилгенлер Жаратқан Ийеде жаңадан қуўаныш табар,
Жарлылар Израилдың Мухаддесинде шадланар.
20Залымлар жоқ болар,
Сурбетлер ғайып болар,
Жаманлық тәрепдарлары жоқ қылынар.
21Дөҳмет қылып, адамларды гиналағанлар,
Қала дәрўазасындағы қазыға дузақ қурар,
Ҳақты жалған гүўалықлар менен ҳуқықынан маҳрум етер.
22Сонлықтан Ибрайымды қутқарған Жаратқан Ийе,
Яқыптың урпақлары туўралы былай дейди:
«Буннан былай Яқыптың урпағы масқараланбас,
Енди жүзи қара болмас.
23Мениң қолларым жаратқан балаларын өз араларында көргенде,
Атымды мухаддес санайды.
Яқыптың Мухаддесин мухаддес санап,
Израилдың Қудайынан қорқатуғын болады.
24Жолдан адасқанлар түсинеди,
Шағым етип налыйтуғынлар тәлимди қабыл етеди».
Copyright information for
KaaIBT22C