‏ Isaiah 3

Яҳуда ҳәм Ерусалим үстинен шығарылған ҳүким

1Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Ерусалимнен ҳәм Яҳудадан тирек ҳәм сүйенишлерин:
Барлық нан ҳәм суў дереклерин,
2Батырларын ҳәм жаўынгерлерин,
Бийлерин ҳәм пайғамбарларын,
Палкерлерин ҳәм ақсақалларын,
3Елиўбасыларын ҳәм абырайлы адамларын,
Мәсләҳәтшилерин, шебер усталарын ҳәм көзбайлаўшыларын тартып алады.
4Ол былай дейди:
«Мен өспиримлерди оларға басшы етип қояман,
Оларға гөдеклер ҳүкимдарлық етеди.
5Адамлар бир-бирине қысым жасап,
Қоңсы қоңсысын жәбирлейди.
Жаслар жасы үлкенлерди,
Қарапайымлар абырайлыларды сыйламай қояды.
6Сонда адамлар өз әкесиниң хожалығындағы,
Туўысқанына жабысып:
„Сениң үстиңде кийимиң бар екен,
Сен бизлерге басшы болып,
Мына ўайран болған үйиндилерди қол астыңа ал!“– дейди.
7Бирақ сол күни ол бақырып:
„Мен жараңызды таңа алмайман!
Үйимде аўқат та, кийим де жоқ.
Мени басшы қылып қоймаңлар“, – дейди».

8Ерусалим қыйрады,
Яҳуда қулады.
Олардың сөзлери ҳәм ислери Жаратқан Ийеге қарсы болып,
Оның салтанатын масқара қылды.
9Жүз көринислери өзлерине қарсы гүўалық береди,
Содом сыяқлы гүналарын ашық айтады, ҳеш жасырмайды.
Олардың соры қурыйды!
Себеби олар өз басына өзлери апат келтирди.
10Әдиллерге айтың, олар жақсылық көреди,
Олар өз ислериниң мийўесин татады.
11Залымлардың соры қурыйды!
Олар жақсылық көрмейди,
Қолы менен ислеген исиниң есесин алады.
12Жас балалары халқымды езеди,
Ҳаяллары оларға ҳүкимдарлық етеди.
Халқым, жетекшилериң сизлерди жолдан урды,
Жүрер жолыңыздан адастырды.

13Жаратқан Ийе даўа ашыў ушын орнынан қозғалып,
Халықларды ҳүким етиў ушын аяққа турды.
14Жаратқан Ийе Өз халқының ақсақалларын ҳәм басшыларын ҳүким етиўге кирисип:
«Сизлер жүзимзарларымды ўайран еттиңиз,
Үйлериңиз жарлылардан талап алған олжаға толы.
15Сизлер неге Мениң халқымды езип,
Жарлыларды қысқыға ала бересиз?» – дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси.

16Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сион қызлары тәкаббир,
Мурнын аспанға көтерип,
Көзлерин сүзип жүреди,
Аяқларындағы ҳалқаларын шыңғырлатып,
Керилип қәдем басады».
17Сонлықтан Ийемиз Сион қызларының бас кийимлерин жулып алып,
Еңбегин ашып таслайды.
18Сол күни Ийемиз олардың аяқларындағы ҳалқаларды,
Шашбаўларын, ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын,
19Сырғаларын, билезиклерин, орамалларын,
Орайпеклерин, тобығындағы шынжырларды, ийин жапқышларын,
Әтир шийшелерин, тумарларын,
20Мөр жүзиклерин, әребеклерин,
21Сәнли кийимлерин, жегделерин, шекпенлерин, шыжланларын,
22Сийледей жуқа кийимлерин, зығыр кийимлерин,
Түрмелерин, жаўлықларын тартып алады.
23Сонда әтирдиң орнын сасық ийис,
Белбеўдиң орнын жип,
Әшекөйленген шаштың орнын тақыр бас,
Сәнли кийимниң орнын аза кийими,
Сулыўлықтың орнын шерменделик тамғасы басады.
24Еркеклериңиз қылыштан өледи,
Жаўынгерлериңиз саўаш майданында қаза табады.
25Сионның дәрўазалары жылап, аза тутады,
Босап қалып, пайтахт тақыр жерде отырып қалады.
Copyright information for KaaIBT22C