Isaiah 30
Қозғалаңшы халық
1«Қозғалаңшы балалар, ҳәсирет шегеди!– дейди Жаратқан Ийе, –
Олар Меннен болмаған ой-нийетлерди жүзеге асырады,
Мениң Руўхымсыз келисимлер дүзеди,
Гүна үстине гүна жамайды.
2Меннен кеңес сорамай,
Фараонның панасында паналаў,
Мысырдың саясына тығылыў ушын, Мысырға барады.
3Фараонның панасы сизлерди уятқа қалдырады,
Мысырдың қорғаўшы саясы сизлерди бийабырай қылады.
4Басшылары Соанда болып,
Елшилери Ханеске жеткен болса да,
5Өзлерине пайдасы болмаған халық себепли олар уятқа қалады.
Сол халық жәрдем де, пайда да бермейди.
Тек оларды уятқа қалдырып, шерменде қылады».
6Негеб ҳайўанлары туўралы пайғамбаршылық сөз: Урғашы ҳәм еркек арыслан,
Зәҳәрли сур ҳәм оқ жыланлар жасайтуғын,
Апатлы ҳәм азаплы үлкени гезип,
Байлықларын ешеклердиң арқасына,
Ғәзийнелерин түйелердиң өркешине артып,
Пайдасы жоқ халыққа ағылып барады.
7Мысырдың жәрдеми пайдасыз ҳәм үмитсиз.
Сонлықтан Мен оны: «Бийкаршы Раҳаб ▼
▼ Раҳаб – теңиз айдарҳасы. Бул жерде Мысырдың астарлы атамасы.
» деп атадым.8Енди барып, буны бир тас тахтаға жазып,
Оларға китап етип бер.
Бул келешек күнлери ушын,
Мәңгилик гүўалық болсын.
9Бул қозғалаңшы халық, ҳийлекер балалар,
Жаратқан Ийениң тәлиминен бас тартатуғын перзентлер.
10Олар көзи ашықларға: «Аян көриўди қысқартың!»
Ал ўәлийлерге: «Ҳақыйқатты айтып, пайғамбаршылық қылмаң,
Бизлерге жағымлы сөзлерди айтып,
Қыялый пайғамбаршылық етиң,
11Жолдан шығың, қайтың бул жолдан,
Израилдың Мухаддесин көзимизден жоқ қылың!» – дейди.
12Сонлықтан Израилдың Мухаддеси былай дейди:
«Бул хабарды қабыл етпей,
Зулымлық ҳәм жалғаннан үмит етип,
Оларға сүйенгениңиз ушын,
13Бул қылмысыңыз сизлер ушын,
Бийик дийўалдағы опырылып атырған тесик киби болады.
Дийўал тосаттан, бир сәтте қулап, қыйрайды.
14Ол ылай ыдыс яңлы қыйрап қалады.
Майдаланғаны соншелли,
Ошақтан күл алыўға да, қуйыдан суў алыўға да,
Жарағандай сынығы қалмайды».
15Сонлықтан Қудай Ийе, Израилдың Мухаддеси былай дейди:
«Маған қайтып, рәҳәт табың, қутқарыласыз.
Егер сизлер тынышлық пенен Маған үмит байласаңыз, күшли боласыз.
Бирақ сизлер буны қәлемедиңиз.
16Сизлер: „Яқ, бизлер атқа минип қашамыз“, – дедиңиз.
Соның ушын қашасыз-дә!
Сизлер: „Бизлер жүйрик атқа минип шабамыз“, – дедиңиз.
Соның ушын қуўыўшылар да жүйрик болады!
17Бир адамның айбатынан мың адам қашады,
Бесеўиниң айбатынан ҳәммеңиз қашасыз.
Қалғанларыңыз таў төбесиндеги байрақ шыбығы,
Төбешиктеги байрақ киби боласыз».
18Жаратқан Ийе сизлерге мийрим-шәпәәт көрсетиў ушын күтип турады,
Сизлерге реҳим көрсетиў ушын орнынан турады.
Себеби Жаратқан Ийе әдалат Қудайы,
Оны күткенлер бахытлы!
Жаратқан Ийениң Өз халқын жарылқаўы
19Ҳәй, Ерусалимде жасайтуғын Сион халқы,Енди жыламайсыз!
Пәрияд еткениңизде, Ол сизлерге мийрим-шәпәәт көрсетеди.
Еситиўден-ақ, Ол сизлерге жуўап береди.
20Ийемиз сизлерге азап шөрегин берип,
Апат суўын ишкизген болса да,
Муғаллимиңиз енди жасырынбайды,
Көзиңиз бенен Оны көресиз.
21Қулағыңыз арт беттен:
«Мынаў дурыс жол, соннан жүр», – деген даўысты еситеди.
Сонда оңға бурылыў керек пе, шепке бурылыў керек пе, билесиз.
22Сонда гүмисиң менен қапланған бутларды,
Алтының менен қапланған ҳәйкеллерди,
Ҳарам деп санап, ҳарам нәрседей көрип, ылақтырып таслайсыз.
Оларға: «Жоқ болыңлар!» – дейсиз.
23Ийемиз жерге еккен туқымың ушын жаўын жаўдырады,
Жердиң зүрәәти мол ҳәм берекетли болады.
Сол күни малларың кең жайлаўда жайылып жүреди.
24Жер айдайтуғын өгиз ҳәм ешеклер,
Гүрек ҳәм жаба менен самалға суўырылған,
Сайланды жем жейди.
25Уллы қырғын күни, минаралар қулағанда,
Ҳәр бир бийик таўда, ҳәр бир бийик төбеде суўлар ағып турады.
26Жаратқан Ийе Өз халқының жараларын таңып,
Өзи берген жарақатты жазған күни,
Айдың нуры күн нурындай,
Күнниң нуры жети күнниң нурындай,
Жети есе жақты болады.
Жаратқан Ийениң Ассирияны жазалаўы
27Мине, Жаратқан Ийениң Өзи узақтан,Лаўлаған қәҳәри менен қойыў булт ишинде киятыр.
Оның аўзы ғәзепке толы,
Тили жалмайтуғын отқа мегзейди.
28Деми мойынға дейин көтерилетуғын тасқынға уқсайды.
Ол миллетлерди набыт болыў елегинен өткереди.
Халықлардың аўзына оларды жолдан азғыратуғын жүўен салады.
29Бирақ сизлер мухаддес байрамды нышанлаған түндегидей,
Қосық айтасыз.
Жаратқан Ийениң таўына, Израилдың қорғаўшы жартасына,
Сырнай сазы астында шыққаныңыздай,
Жүрегиңиз шадланады.
30Жаратқан Ийе айбатлы даўысын еситтирип,
Лаўлаған ғәзеби ҳәм жалмайтуғын от жалыны менен,
Нөсер жаўын, даўыл ҳәм буршақ пенен,
Билегиниң күшин көрсетеди.
31Жаратқан Ийениң даўысы Ассирияны қорқытып, титиретеди,
Ол ҳасасы менен Ассирияны урады.
32Жаратқан Ийениң жаза ҳасасы менен,
Оларды урған ҳәр бир соққысы,
Дәп ҳәм лира намасы астында әмелге асады.
Жаратқан Ийе қол жумсап, олар менен урысады.
33Денелер жағылатуғын орын әлле қашан тайынланды,
Аўа, Ассирия патшасы ушын тайын қылып қойылды.
Ол жер терең ҳәм кең болып,
Отын қалап толтырылған.
Ағып турған күкирт киби,
Жаратқан Ийениң деми оны жандырады.
Copyright information for
KaaIBT22C